Ушырасыўда соңғы жылларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәм избе-из реформалар, әсиресе, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, гендер теңликти тәмийинлеў, социаллық тараўда ерисилген жетискенликлер ҳаққында сөз болды.

Әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде Мәмлекетлик бажыхана комитети гендер стандартларын енгизгени ҳәм "Гендер теңлиги ушын гүмис сыйлығы" менен сыйлықланғаны атап өтилди.

Президентимиздиң коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы сиясатының нәтийжелилиги атап өтилип, мәмлекетлик хызметкерлерди оқытыў ҳәм ашық-айдынлықты арттырыў, жергиликли уйымларда есап бериўди күшейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў жуўмағында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында аймақларда коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын жеделлестириў бағдарламаларын әмелге асырыўға келисип алынды.