Атап өтилиўинше, социаллық тармақларда Ферғана ўәлаяты Қува районындағы 37-мектепте мәжбүрий даўыс бериў жағдайлары бойынша хабарлар тарқалды. Бул жағдайлар тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен үйренилип, ҳақыйқатында да бул мектепте хызметкерлер мәжбүрий даўыс бериўге тартылғаны тастыйықланған.
Усы мүнәсибет пенен, Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен усы мектепте мәжбүрий даўыс жыйналған жойбарларды даўыс бериў басқышынан шетлетиў бойынша тийисли районлық Халық депутатлары кеңесине усыныс жиберилди.
Еслетип өтемиз, "Басламалы бюджет" процеси шеңберинде мәжбүрий даўыс бериўге тартыў - мәжбүрий мийнет сыпатында классификацияланатуғыны белгиленген. Даўыс жыйнаўға мәжбүрлеў жағдайларына дус келген пуқаралар, оператив түрде Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң 71 200-06-00 исеним номерине қоңыраў етиўи мүмкин.