Кейинги жыллары жаңа Өзбекстанда усы процесс жеделлескени көзге тасланады. Қабыл етилип атырған ҳуқықый ҳүжжетлер, нызам ҳәм қарарлар, жойбарлардың кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылыўы, адамлардың түрли жойбарлар шеңберинде өз пикир ҳәм басламаларын алға қойыўы ушын майдан жаратылып, олардың көпшилиги қоллап-қуўатланып атырғаны ўатанласларымызда қатнасық сезимин арттырмақта. Әсиресе, жылына еки мәрте шөлкемлестирилип атырған "Басламалы бюджет" жойбары халқымыз арасында жақсы ғалаба ен жайды.
Онда адамлар өз аймағындағы социаллық машқалалар бойынша "Ашық бюджет" порталы арқалы усынысларын қалдырады. Белгили мүддет даўамында даўыслар жыйналып, жеңимпаз болып табылған басламалар мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады. Яғный енди бурынғыдай жуўапкерлердиң "Бул мәселе мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген, жақын жылларда шешиледи", деген сөзлерине орын қалмады. Машқалаларды ортаға қойыў ҳәм оларды шешиўде адамлардың өзи қатнаспақта. Барлық киргизилген жойбарлар, оларға берилген даўыслар ҳәм ажыратылатуғын пуллардың барлығы ашық-айдын система арқалы көринеди. Қаржылар да қысқа ўақытларда ажыратылмақта. Усы ўақытқа шекем "Басламалы бюджет" жойбары арқалы аймақлардағы мыңлаған социаллық мәселелер шешимин таўып, қаншадан-қанша жоллар асфальтланды, социаллық тараў объектлери қайта оңланды, орынларға ишимлик суўы, электр тогы жетип барды. Оның ушын сол аймақлардағы адамлардың бирлесип, биргеликте ҳәрекет етип атырғаны, әсиресе, жойбардың социаллық әҳмийетин және де арттырмақта. Ўатанласларымыз ҳәр сапары "Басламалы бюджет"ти қызғын күтип, онда белсене қатнасыўы әдеттеги жағдайға айланды.
Усы күнлерде ири жойбардың быйылғы биринши мәўсими старт алды ҳәм ол 1-февральдан 20-мартқа шекем даўам етеди. Процесслердиң жойбар киргизиў басқышы 1-20-февральда, таңлаў басқышы 21-февраль - 7-март күнлери болып өтеди. Соң 8-10-март күнлери үгит-нәсиятлаў басқышы, 11-20-март күнлери болса даўыс бериў басқышы өткериледи. Биринши мәўсим жеңимпазлары усы жылы 21-март - Наўрыз улыўмахалықлық байрамында жәрияланады. Дәслепки есап-санақларға бола, жойбардың быйылғы биринши мәўсиминде 2,7 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Талап ҳәм критериялар қандай?
"Басламалы бюджет" өз атамасы менен бюджет қаржыларының белгили бир бөлегин жумсалыў бойынша басламаларды алға қойыў арқалы халықтың жергиликли өзин-өзи басқарыўда тиккелей қатнасыў формасын билдиреди. Пуқаралар тәрепинен белгили бир усыныс алға қойылса, ол жәмийетшиликке ашық усынылады. Жойбарға халық тәрепинен даўыс бериледи. Ҳәр бир аймақта ең көп даўыс топлаған усыныслар жеңимпаз деп табылады ҳәм жойбарлар берилген даўыслар санынан келип шығып таңлап алынады, қаржыландырылады.
Мағлыўматларға қарағанда, бул әмелият дүньяның көплеген мәмлекетлеринде, соның ишинде, АҚШ, Бразилия ҳәм Қубла Кореяда кең тарқалған. Елимизде болса жойбар 2021-жылдан тәжирийбе тәризинде жолға қойылды. Бирақ оннан алдын буған фактор жаратылып, пуқаралардың ҳәттеки бюджет қаржыларын қәлиплестириўдеги қатнасын тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлер басланған еди. Мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары менен 2018-жылдан мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириў ҳәм қаржыларды орынларда бөлистириўге тиккелей пуқараларды тартыў механизми жаратылды.
Буның әмелияттағы әпиўайы ҳәм қолайлы түри болса "Басламалы бюджет" көринисинде кирип келди. 2021-жылы "Ашық бюджет" платформасы иске қосылып, онда "Басламалы бюджет" бөлими ашылды. Бул жерде пуқаралар өз жасаў аймағындағы киши жергиликли машқалаларды шешиў ушын жойбарлар усыныс етиўи мүмкин. Халық көбинесе жолдың жаманлығы, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң оңлаўға мүтәж болып қалғаны, инженерлик инфраструктуралардың жетиспейтуғынлығын көрсетеди. Ең көп даўыс алған жойбарлар жеңип шығып, қаржыландырылады.
Биринши жылда "Басламалы бюджет" онша ғалаба ен жаймады. Пуқаралар бюджет пулларын бөлистириўде өзи қатнасыўы мүмкинлигине, улыўма, мәмлекет салық төлеўшилер ҳаққында қайғырыўына онша исенбеди. Қалаберсе, жаңа системаны ҳәмме бирден түсинбеди. Соған қарамастан, жойбардың биринши мәўсиминде 1 мың 100 усыныс түсти. Жеңимпаз жойбарлар қаржыландырылып, адамлар көтерген машқалалар дәрҳал шешиле баслағаннан соң, бирден жойбарға қызығыўшылық артып кетти. "Басламалы бюджет"тиң 2021-жылғы екинши мәўсиминде усыныслар саны кескин артып, 41 125 ге жетти. Усы тәризде бул баслама қысқа ўақытта ири жойбар сыпатында ғалабаға еристи.
2022-жылдан баслап "Басламалы бюджет" өзбекстанлылардың итибарындағы әҳмийетли процесслерден бирине айланды. Сол жылдың биринши мәўсиминде 69 700, екинши мәўсимде 61 000 усыныс киргизилгени мәлим етилди. Жойбардағы басламалар елимиздеги мәҳәллелердиң 98 процентин қамтып алып, усыныс бермеген мәҳәлле қалмаған есабы. 2023-жылы пуқаралар таңлаған жойбарлар ушын алдынғы жылға салыстырғанда 3,5 есеге көп - 8 триллион сум ажыратылатуғын болды. 2024-жылдың 2-мәўсиминиң өзинде 1 772 жойбар жеңимпаз деп табылып, 2 триллион 271 миллиард сум ажыратылды.
Бирақ, жойбарда бәсеки үлкен екенин, жеңимпаз болыў аңсат емеслигин ўатанласларымыз жақсы биледи. Усыныслар даўыс бериў басқышына шекем де жумысшы комиссия тәрепинен таңлап алынады. Жойбарлар бир қатар критериялар тийкарында таңлап алынады. Атап айтқанда, жойбарда сәўлеленген машқала ямаса илаж белгили бир район (қала) аймағына тийисли болыўы, жәмәәтлик машқалаларды шешиўге қаратылған болыўы, жәмийетшилик тәрепинен билдирилген усыныслар уйымлық ямаса жеке өзгешеликлерге ийе болмаўы, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатламаса және жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде төлемли хызмет тийкарында пайдаланылмаўы, бюджет шөлкемин сақлап турыў менен байланыслы қәрежетлерди өзинде сәўлелендирмеўи сыяқлы талаплар бар. Егерде бирдей мазмундағы бир неше жойбар алға қойылған болса, олардан мағлыўматы толық көрсетилген дәслепки киргизилген жойбар қабыл етиледи.
Бүгинги күнде "Басламалы бюджет"ти адамларды бир мақсет жолында бирлестиретуғын, өз аймағындағы машқалаларды биргеликте шешиўге ийтермелейтуғын ең үлкен жойбар, деп айтыў мүмкин. Ақыры қашан жерлеслеримизде жергиликли машқалаларды ортаға таслап, оны усыныс ете алыў, оның ушын зәрүр қаржыны қолға киргизип, мәселениң шешимине шекем өзи қадағалаў имканияты болған?! Қалаберсе, биргеликте исленген жумыслардың қәдири де, баҳасы да жоқары болады.
Өткен жылы "Басламалы бюджет"те жеңимпаз болған Зарбдор районындағы 2-улыўма билим бериў мектебинде ақырында балалар ушын жаңа спорт залы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Енди оқыўшылар спорт шынығыўларын мине усы көркем ҳәм заманагөй залда өткермекте. Стадион тек ғана жаслар ушын емес, ал кең жәмийетшилик ушын да хызмет етеди. Себеби оның қурылысына көпшилик өз даўысы менен үлес қосқан. Қалаберсе, ҳәзир ҳәр бир жастағы инсан ушын спорт пенен шуғылланыў әҳмийетли. Мектеп жәмәәти болса оған өз үлесин қоспақшы. Әтираптағы халықтың залға келип шуғылланыўы ҳәм бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын шараят жаратылды.
Үргенш районындағы бир қатар мәҳәллелерде болса көшелерге асфальт төсеў зәрүрлиги болған. Жойбардың өткен жылғы екинши мәўсиминде райондағы Тандирчи мәҳәллеси пуқаралары тәрепинен ишки жолларды асфальтлаў усынысы киргизилген еди. Баслама ең көп даўыс топлаған жойбарлар қатарынан орын алып, айырым көшелерге асфальт салынды. Бундай мысалларды ҳәр бир аймақтан онлап, жүзлеп келтириў мүмкин.
Қосымша өзгертиўлер киргизилди
Қысқа ўақытта әмелий нәтийже беретуғын жойбар ҳәммени қызықтыратуғыны ҳақыйқат. "Басламалы бюджет"тиң буншелли ғалаба ен жайғанының себеби де сонда, нәтийжеси тез арада көринеди. Солай екен, усыныслар көплиги, ҳәммениң жеңиўге умтылыўы тәбийий. Бирақ бул процесс қандай болмасын даўыс топлаў ушын ҳәр қыйлы усыллардан пайдаланылып, бир қатар наразылықларға себеп болғаны да сыр емес. Ҳәр бир даўыс ушын бир нәрсе усыныс етиўлер ашық-айдын бақланғанының гүўасы болдық. Жасалма даўыс топлаў жағдайлары ушырасты. Бирақ ҳәр қандай жойбар жетилистирилгенге шекем усындай кемшиликлерден өтеди. "Басламалы бюджет" адамларды бираз қыйнап қойған болса да, пуқараларда сайлаў кампанияларын өткериў, өз усынысларын ашық алға қойыў, жәмийеттеги машқалаларға жеделлик көрсетиў көнликпесин қәлиплестире алды. Даўыс бериў процесслериндеги көринип турған кемшиликлерге келсек, бул система избе-из раўажланып, жойбардың басында ислеген айырым усыллар жетилистирилип атыр, басқалары болса өмирин өтеп болғанлары болса әсте-ақырын пайдаланыўдан шығарылмақта
Мәселен, 2024-жылдан "Бир пуқара - бир даўыс" принципи енгизилди. Бул бир пуқара, оның атында бир неше SIM карта болса да, бир мәўсимде тек бир мәрте даўыс бериўи мүмкин екенлигин билдиреди. Бул илаж бир талай SIM карта сатып алып, жойбарының жеңимпазлық имканиятын арттырыўға урынып атырғанлардың ҳәрекетлерине жуўап болды. Буннан тысқары, бул принцип ҳәр қыйлы көринистеги даўыс жыйнаўға мәжбүрлеўлердиң де алдын алады.
Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң 13-январьдағы қарары менен усы жылдан "Басламалы бюджет"ти әмелге асырыў процесине басқа да бир қатар өзгерислер киргизилди.
Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлим етиўинше, енди ҳәр жылы ҳәр бир район ямаса қалада кеминде 10 ҳәм көби менен 30 жойбарды әмелге асырыў ушын жетерли қаржы ажыратылады. Бул қоллап-қуўатланатуғын басламалар саны бойынша минимал ҳәм максимал шегараны белгилейди. Егер жойбарлар саны 10 нан артса, қаржы район ямаса қаладағы халық санына қарап бөлистириледи. Бул болса халық тығыз жайласқан аймақлар көбирек қаржыландырыўға даўагер болыўы мүмкинлигин билдиреди. Ҳәзирги күнде бир жойбарды қаржыландырыўдың шегаралық баҳасы 1,5 миллиард сумды қурайды. Соннан келип шығып, район ямаса қала бюджетлеринен ажыратылатуғын қаржылардың ең аз муғдары 15 миллиард сумды, ең көби 45 миллиард сумды қурайды.
Сондай-ақ, енди өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткенин есапқа алып, усы жылдың 1-мәўсиминен баслап қаржылай бийғәрез болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң "Басламалы бюджет"те қатнасыўына рухсат етилмейди. Социаллық машқалаларға көбирек итибар қаратыў мақсетинде шөлкемлер тәрепинен барлық түрдеги автомобиллер, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы үскенелер (радар, жәмийетлик орынлардағы бақлаў камералары, "светофор"), басшы хызметкерлер ушын мебель үскенелерин сатып алыў қадаған етилди. Әлбетте, бул жағдайлардың қадағалаўы да алып барылады. Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте бюджет шөлкемлериниң хызметкерлерин даўыс бериўге мәжбүр етиў жағдайларының алдын алыў бойынша системалы илажларды шөлкемлестиреди ҳәм ҳәр бир мәўсим жуўмақлары бойынша Сенатқа мәлимлеме береди.
Солай етип, "Басламалы бюджет"тиң 2025-жылғы биринши мәўсими старт алды. Адамлар болса "Ашық бюджет" порталы арқалы усынысларын киргизе баслады. Демек, ўатанласларымыз тәрепинен алға қойылатуғын және мыңлаған басламалар ортаға тасланып, жеңимпаз болғанлары қысқа мүддетлерде әмелий шешимин табады. Халықтың усыныслары, адамларымыздың даўысы менен қаншадан-қанша жоллар оңланып, жаңа орынлар қурылады, социаллық мәнзиллер абат болады.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы