Ташкентте өткериў ҳаққындағы қарар Азия Олимпиада кеңеси (АОК) Атқарыў комитетиниң Бахрейнде болып өткен мәжилисинде қабыл етилди. Бул ҳаққында 31-октябрь күни жарыстың жабылыў мәресиминде рәсмий түрде мәлим етилди.

Мәресимде спорт министриниң орынбасары Шаҳрулло Маҳмудов, Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары Дурдона Раҳимова ҳәм Өзбекстан Миллий олимпиада комитети басшылары қатнасты.

Онда мәмлекетимиз атынан Азия Олимпиада кеңесиниң вице-президенти, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров қатнасты. Ол АОК байрағын рәсмий ўәкиллердиң қолынан салтанатлы түрде қабыллап алды, бул келеси ойынларды өткериў ҳуқықын өткериў белгиси болды.

Усы тәризде, төрт жылдан кейин Ташкент Азия спорт турмысының орайына айланады ҳәм ол жерде континенттиң ең күшли жас спортшылары жыйналады.

Өткен жаслар арасындағы III Азия ойынларында спортшыларымыз жоқары дәрежедеги таярлық, шеберлик ҳәм жеңиске умтылыўды көрсетти. Олардың есабында 37 алтын, 16 гүмис ҳәм 28 бронза медаль болып, Өзбекстан сайланды командасы тек ғана Қытай командасынан кейин улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи.

IV Жаслар Азия ойынларының Ташкентте өткерилиўи мәмлекетимиз спорт тарийхында әҳмийетли ўақыя, Өзбекстанда жаслар спортын раўажландырыўда жаңа басқыш болады.