Қадағалаў илажлары пайтахттағы 12 автобус жөнелисинде алып барылмақта. Ең көп қағыйдабузарлық 190-жөнелисте дизимге алынған — 331. 115-жөнелисте 276, 134-жөнелисте болса 263 баяннама дүзилген.
Рейдлер төмендеги жөнелислерде өткерилмекте: 115, 134, 120, 56, 199, 198, 84, 190, 128, 71, 188 ҳәм 101.
Инспекторлар қадағалаўды арнаўлы программалық тәмийнаттан алынған мағлыўматларды таллаў ҳәм алдынғы дәўир көрсеткишлери менен салыстырыў тийкарында алып бармақта.
Жол ҳақысын төлемеген жолаўшыларға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 144-статьясы 5-бөлими тийкарында шара көрилмекте.
Жолаўшылардан автобусқа миниўи менен жол ҳақысын белгиленген тәртипте төлеў соралған.