баннер
14 Apr 2025
11:31

    Сыртқы ислер министрлигинде Бирлескен Араб Әмирликлери елшиси қабыл етилди

    Тәреплер соңғы күнлерде Өзбекстан пуқараларының Бирлескен Араб Әмирликлери аймағына кириўинде бақланып атырған қыйыншылықлар менен байланыслы жағдай бойынша пикир алысты.

    2024-жыл 2-декабрь күни сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Бахромжон Аълоев Бирлескен Араб Әмирликлериниң Өзбекстан Республикасындағы елшиси Саид Матар ал-Қамзийди қабыллады.

    Ушырасыўда еки мәмлекет арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды.

    Соның менен бирге, тәреплер кейинги күнлерде Өзбекстан пуқараларының Бирлескен Араб Әмирликлери аймағына кириўинде бақланып атырған қыйыншылықлар менен байланыслы жағдай бойынша пикир алысты.

    Ҳәзирги жағдайды мүмкин болғанынша қысқа мүддетлерде шешиў бойынша тийисли илажлар көриўге келисип алынды.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech