Ушырасыў даўамында SCI басшылығына кейинги жылларда Өзбекстанда
халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын социаллық қоллап-қуўатлаў тараўында әмелге
асырылып атырған кең көлемли реформалар, социаллық хызметлер көрсетиўдиң
ашық-айдын ҳәм санластырылған жаңа системасының енгизилип атырғаны, инсан
капиталын раўажландырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламалар ҳаққында
мағлыўмат берилди, деп хабар береди "Дунё" МА.
Буннан тысқары, мәмлекетимизде әмелге асырылыўы режелестирилген тийкарғы
грант жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул жойбарлар билимлендириў,
денсаўлықты сақлаў, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў системасын
жетилистириў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли
бағдарларды қамтып алған.
SCI ўәкиллериниң
атап өтиўинше, шөлкем 1989-жылы Шаржа әмирлигиниң ҳәкими шайх Султан бин
Муҳаммад Ал Касимий басламасы менен шөлкемлестирилген ҳәм бүгинги күнде
Бирлескен Араб Әмирликлериниң ең ири қайырқомлық шөлкемлеринен бири есапланады.
Шөлкем социаллық қорғаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм инфраструктураны
раўажландырыў тараўларында дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинде гуманитарлық
жойбарларды әмелге асырмақта.
Сөйлесиўлер
жуўмағында әмелий бирге ислесиўдиң кейинги басқышлары бойынша келисимлерге
ерисилди. Атап айтқанда, SCI грант қаржылары есабынан қаржыландырылыўы мүмкин
болған жойбарларды таңлап алады. Сондай-ақ, грант қаржыларын ажыратыў бойынша
тийисли келисимлерге қол қойыў ушын 2026-жылдың сентябрь-октябрь айларында SCI басшылары
ҳәм қәнигелериниң Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Болып өткен
ушырасыў Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы социаллық-гуманитарлық тараўлардағы бирге
ислесиўди және де беккемлеў, сондай-ақ, Өзбекстан халқының турмыс дәрежесин
арттырыўға қаратылған социаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын халықаралық
грант қаржыларын тартыў жолында әҳмийетли қәдем болды.