ТМЮУ жанындағы академиялық лицейлер питкериўшилерин сәўбет тийкарында оқыўға қабыллаў тәртиби белгиленди

    Ҳүкимет қарары (374-сан, 18.06.2025 ж.) менен "Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети жанындағы академиялық лицейлердиң қәбилетли питкериўшилерин "юриспруденция" бағдары бар жоқары билимлендириў шөлкемлерине сәўбет тийкарында тест сынақларысыз оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққында"ғы ўақтынша реже қабыл етилди.

    Реже 2023/2024 ҳәм 2024/2025-оқыў жылларында ТМЮУ жанындағы академиялық лицейлерге қабыл етилген оқыўшыларға қолланылады.

    Питкериўшилер 20-июньға шекем жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриатына сәўбет тийкарында тест сынақларысыз оқыўға кириў ушын усыныс бериўди сорап арнаўлы комиссияға арза береди.

    Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

    питкериўшиниң шет тилин билиў дәрежесин белгилеўши миллий ямаса халықаралық сертификат;

    питкериўшиниң жеке жетискенликлери, академиялық лицейдиң жәмийетлик турмысында белсене қатнасқанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер.

    Усыныс етилген питкериўшилерге жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриатына сәўбет тийкарында тест сынақларысыз оқыўға кириў ҳуқықы дәслепки 2 жыл ушын әмел етеди.

    Ҳәр жылы 1-июльға шекем сәўбет комиссиясы шөлкемлестириледи.

    Жеке тәртиптеги сәўбет нәтийжелери 100 баллық системада баллар қойыў жолы менен баҳаланады.

    Абитуриент төмендеги жағдайларда оқыўға қабыл етилмейди:

    жеке тәртиптеги сәўбет өткериў кестесине муўапық сәўбетке келмегенде;

    жеке тәртиптеги сәўбетте белгиленген максимал баллдың 56 процентинен аз балл топланғанда.

    Ҳәр жылы 10-августқа шекем жоқары билимлендириў шөлкемлери ректорларының абитуриентлерди бакалавриатқа оқыўға усыныс етиў ҳаққындағы буйрықлары қабыл етиледи.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates