Тегеранда Өзбекстан - Иран бизнес форумы өткерилди

    Бүгин, 11-май күни Тегеран қаласында Өзбекстан - Иран бизнес форумы болып өтти.

    Оның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Иран Ислам Республикасының Биринши вице-президенти Муҳаммад Ризо Ореф шығып сөйледи.

    Бундай илажлар, саўда-экономикалық байланысларды тереңлестириў, өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа қырларын ашыўға жәрдем беретуғыны атап өтилди.

    Атап өтилгениндей, өз-ара саўдада турақлылық бақланбақта. Атап айтқанда, товар алмасыў көлеми 500 миллион долларға жетти, қоспа кәрханалардың саны 210 дан артты.

    Бар резервлер терең талланып, жаңа өсиў ноқатлары белгиленди, улыўма етип айтқанда, 1 миллиард долларлық жойбар портфельи ҳәм саўда келисимлери қәлиплестирилди.

    Өзбекстан Бас министри өзиниң шығып сөйлеген сөзинде қатнасыўшылардың итибарын мәмлекетимизде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында бизнес орталығын жақсылаў, сырт ел инвесторларына қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелерине қаратып, төмендегилерге айрықша тоқтап өтти.

    Соның ишинде, өткен дәўирде жалпы ишки өним 2 есеге өсти. Жақында Халықаралық валюта қоры мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард доллардан артқанын тастыйықлады.

    Келеси бес жылда бул көрсеткишти 160 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткенбиз. 2025-жылдың биринши шерегиниң жуўмағы бойынша елимиздиң экономикалық өсиў пәти 6,8 процентти қурады.

    Кейинги жыллары Өзбекстанда 70 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы өзлестирилди. Халықаралық финанс институтларының 14 миллиард доллардан аслам қаржысы социаллық ҳәм инфраструктуралық тараўларға тартылды.

    2030-жылға барып "жасыл" энергия дәреклериниң енергетикадағы үлесин 50 проценттен арттырыў нәзерде тутылған.

    Өзбекстан минерал ресурслар ҳәм сийрек ушырасатуғын пайдалы қазылмалардың үлкен қорларына бай мәмлекет есапланады.

    Бизнести қоллап-қуўатлаў ушын әҳмиетли қарарлар қабыл етилди. Нәтийжеде еки жүзден аслам лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етилди, салықлардың улыўма саны 13 тен 9 ға, айырымларының баҳасы болса еки есеге азайтылды.

    Валюта базары либералластырылды ҳәм дәраматларды репатриациялаў бойынша барлық шеклеўлер алып тасланды. Қосымша қун салығының баҳасы 15 проценттен 12 процентке түсирилди. Пайда салығы жумыс түрине қарап 5 проценттен 15 процентке шекем етип белгиленди.

    Аўыл хожалығы ҳәм социаллық тараўларда жумыс алып баратуғын кәрханалар болса пайда салығын төлеўден толық азат етилген.

    Елимизде жылына 25 миллион тонна жоқары сапалы мийўе-овош жетистириледи. Жылына 2,5 миллиард долларлық мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлери экспорт етилмекте.

    Сондай-ақ, илажда мәмлекетимиз дүньяның көплеген мәмлекетлери менен жеңиллетилген саўда системасына ийе екени мәлим етилип, иранлы исбилерменлер Хорезм ҳәм Самарқанд ўәлаятларындағы санаат зоналары имканиятларынан кеңнен пайдаланыўға мирәт етилди.

    Мағлыўмат ушын: Өзбекстан - Иран бизнес форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизден 100 ден аслам исбилерменлер, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери өзлериниң түрли бағдардағы алдыңғы усыныс ҳәм басламалары менен қатнасып, "В2В" форматында сөйлесиўлер алып барды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates