Атап айтқанда, тән алынған сырт ел юрисдикцияларындағы юридикалық тәреплер - норезидентлер менен бир қатарда Өзбекстан резидентлери де капитал базары тараўында "Тәртипке салыў қум қутысы" арнаўлы ҳуқықый режиминиң қатнасыўшылары болыўы мүмкин.

Арнаўлы ҳуқықый режим шекленбеген мүддет даўамында әмел ететуғыны белгиленди.

Атап өтилгениндей, мүрәжат етиўшини арнаўлы ҳуқықый режимде дизимнен өткериўди бийкарлаў ушын бурын капитал базары тараўында жүз берген ҳуқықбузарлықлардың бар екенлиги, сондай-ақ, ўәкилликли уйымның "дәлилли пикир-усынысы" тийкар болып есапланады.

Соның менен бирге, 2 ай даўамында есабатлардың усыныс етилмегенлиги, арнаўлы ҳуқықый режим талапларының бузылғанлығы ҳәм ўәкилликли уйымның "дәлилли пикири" арнаўлы ҳуқықый режим қатнасыўшысы статусын бийкарлаўға тийкар болып хызмет етеди.

Мағлыўмат ушын: тийкарланған баҳа ўәкилликли уйым тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға қосымша түрде қолланылатуғын ҳәм көрип шығылып атырған мәселениң әмелдеги мазмунының оның формал мазмунынан үстинлигин нәзерде тутатуғын профессионаллық баҳа болып есапланады.