Өзбекстан Президенти "С5+1" форматындағы шерикликти және де кеңейтиўге шақырды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президентиниң Вашингтон қаласындағы рәсмий резиденциясы - Ақ үйде болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң "С5+1" форматындағы саммитинде қатнасты.

    АҚШ Президенти Дональд Трамптың басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.

    Өзбекстан Президенти АҚШ жетекшисине өткен 10 жыл даўамында регионаллық саўда, транспорт ҳәм энергетика байланысларын раўажландырыўдың нәтийжели механизмине айланған "С5+1" саммитин шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдирди. Бүгинги саммит Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық сөйлесиўди раўажландырыўда жаңа басқышты баслап атырғаны атап өтилди.

    "С5+1" форматы шеңбериндеги бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы бир қатар басламаларды алға қойды.

    Бәринен бурын, қатнасыўшы мәмлекетлерде ротацион тийкарда жайластырылатуғын, турақлы жумыс алып баратуғын Секретариатты шөлкемлестириў усыныс етилди.

    Мәмлекетлик уйымлар, компаниялар ҳәм қаржы институтлары арасында системалы сөйлесиўди тәмийинлеў ушын министрлер дәрежесинде Инвестициялар ҳәм саўданы муўапықластырыўшы кеңести шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, "Орайлық Азия инвестициялық шериклиги" қорын иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азияны Қубла Кавказ ҳәм Европа менен байланыстыратуғын ири транспорт-коммуникация ҳәм энергетика жойбарларын әмелге асырыў бойынша АҚШ пенен жедел ислесиўге таяр екенин билдирди.

    Оғада әҳмийетли пайдалы қазылмаларды излеў, қазып алыў ҳәм терең қайта ислеў тараўындағы ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў, таяр өнимлерди глобал жеткерип бериў шынжырларына тартыў ушын Арнаўлы комитетти шөлкемлестириў усыныс етилди.

    Регион аўыл хожалығын Америка технологияларын енгизген ҳалда модернизациялаў мақсетинде Регионаллық агротехнологиялық инновациялар шериклигин шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

    Гуманитарлық байланысларды беккемлеў ушын Өзбекстан Президенти АҚШтың жетекши музейлеринде Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәдений мийрасының биргеликтеги көргизбесин шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Мәмлекетимиз басшысы гезектеги саммитти Самарқанд қаласында өткериўди усыныс етти.

    Илажда басқа да жетекшилер шығып сөйледи.

    Саммит жуўмағында бир қатар көп тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилди.