ҒХҚның жазыўынша, мәмлекет өзиниң бай тарийхы, бийтәкирар мәденияты ҳәм тыныш орталығы менен мийманларды өзине тартып, саяхатшыларға жаңа тәсирлер алыў имканиятын береди.

The Washington Postтың атап өтиўинше, мәмлекет саяхатта өзине тән тәжирийбе жарататуғын ҳәр қыйлы бағдарлар, әййемги қалалар ҳәм естеликлер, сулыў тәбийғый ландшафтларды усынады. Өзбекстан тез раўажланып атырған туризм инфраструктурасы ҳәм әпиўайыластырылған виза тәртиби менен Жипек жолындағы мәмлекет сыпатында ажыралып турады.

Абырайлы ғалаба хабар қуралларындағы материал Өзбекстанның дүнья туристлик картасындағы абырайы артып атырғанын, мәмлекетимиз пүткил дүньядан келген туристлер ушын заманагөй, миймандос ҳәм қызықлы мәнзилге айланып атырғанын көрсетеди.