Сыртқы ислер министри АҚШ Президентиниң миллий қәўипсизлик бойынша кеңесгөйи менен ушырасты

    Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Вашингтон қаласында АҚШ Президентиниң миллий қәўипсизлик бойынша кеңесгөйи Майкл Уолтз пенен сөйлесиў өткерди.

    Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе кең көлемли мәселелер додаланды.

    "Күн тәртибимиз қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, экономикалық раўажланыў, регионаллық байланыслылық ҳәм Орайлық Азияда турақлы раўажланыўды хошаметлеў мәселелерине қаратылды. АҚШ Президенти тәрепинен Өзбекстандағы реформалар бағдарламасы ҳәм регионда тынышлық және абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлеримиздиң турақлы қоллап-қуўатланыўын жоқары қәдирлеймиз", - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates