Бир жылда ерисилген нәтийжелер, тармақта өндирис ҳәм экспорт көрсеткишлериниң өсиў динамикасы ҳәм 2026-жылға мөлшерленген режелер көрип шығылды.
2025-жылы тоқымашылық санаатында өндирис көлеми 134 триллион сумды қурағаны атап өтилди. Өзлестирилген сырт ел инвестицияларының муғдары 2,1 миллиард долларға жетти. Экспорт көлеми өткен жылға салыстырғанда 2,5 миллиард долларды қураған. Бул тармақта бәнт болған халықтың саны 623 мыңға жетти. Келеси жылы бул көрсеткишти 650 мыңға жеткериў имканияты бар екенлиги атап өтилди.
2026-жылы пахта талшығын қайта ислеўди және де тереңлестириў, гезлеме, трикотаж ҳәм таяр өнимлер ислеп шығарыў қуўатлықларының жумыс дәрежесин арттырыў режелестирилген. Өндирис көлемин 147 триллион сумға, экспортты 3,3 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.
Тараўға 2,2 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў режелестирилген. Нәтийжеде қосымша 207 мың тонна синтетикалық ҳәм араласпалы ийирилген жип, 397 миллион квадрат метр гезлеме, 224 миллион дана тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў, 108 миллион квадрат метр гезлемени бояў қуўатлылығы жаратылады.
Соның менен бирге, санааттың турақлы раўажланыўына тосқынлық етип атырған айырым факторлар да атап өтилди. Атап айтқанда, пахта талшығына болған талаптың бир бөлеги импорт есабынан қапланып атырғаны, финанслық ресурслардың баҳасы жоқары екени, сыртқы базарларда логистика қәрежетлериниң артып атырғаны, айырым тараўлар бойынша маман қәнигелердиң жетиспеўшилиги тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында көрсетип өтилди.
Бул машқалаларды сапластырыў бойынша 2026-жылға мөлшерленген анық илажлар ислеп шығылған. Атап айтқанда, кәрханаларға айланыс қаржы ушын 200 миллион доллар жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, 138 кәрхананың финанслық жағдайын жақсылаў, 100 жаңа кәрхананы экспортқа тартыў режелестирилген.
Халықаралық стандартлар ҳәм сертификатларды енгизиўге айрықша итибар қаратылады. 60 кәрханада “Better Work”, “BCI”, “FWF”, “Organic EU” бағдарламалары, және 15 кәрханада халықаралық финанслық есабат стандартлары енгизиледи. Сондай-ақ, 24 бағдар бойынша таяр өнимлердиң сапасын анализлейтуғын заманагөй тоқымашылық лабораториясы шөлкемлестириледи.
ERP системалары ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы тараўда санластырыўды жеделлестириў ҳәм өндирис нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылған. Бул процесс пенен 40 кәрхана қамтып алынады.
Халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў шеңберинде халықаралық сорсинг компаниялар ҳәм ири брендлер менен бирге ислесиўди күшейтиў, маркетинг изертлеўлери ҳәм халықаралық көргизбелерде қатнасыў, сырт ел кәрханаларының релокциясын хошаметлеў бойынша режелер ислеп шығылған.
Мәмлекетимиз басшысы усыныс етилген көзқарасларды мақуллап, жуўапкерлерге жеңил санаатта таяр өнимлердиң үлесин избе-из арттырыў, өзине түсер баҳасын азайтыў, инвестициялық ҳәм экспорт потенциалын толық иске қосыў бойынша анық ўазыйпалар қойды. Әмелге асырылып атырған барлық илажлар тараўды жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығаратуғын турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы системаға айландырыўға хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.