Тәжирийбели дийқан Йўлдаш Нарымбетовтың басламасы менен мәҳәлледе жаңа аўыл хожалығы бағдары ашылды. Ол брокколи капустасы жетистириўди жолға қойды. Усы тәризде бул диеталық егин түри Қарақалпақстан шараятында да жетистирилип, ишки ҳәм сыртқы базарда сатыла баслады. Нәтийжеде халықтың дәраматы артып, қосымша жумыс орынлары ашылмақта.
Үлгили қыйтақ жер ийеси Йўлдаш Нарымбетов быйыл августта 1,5 гектар майданға капуста еккен еди. Ҳәзир ҳәр бир нәлден ярым килодан бир килограммға шекем өним алмақта. Қыйтақ жер ийеси 1,5 гектар майданнан жәми 15 тонна өним алыўды мөлшерлеген. Тийкарғысы, бул палыз егинин жетистириў бойынша тәжирийбе басқа да мәҳәллелерде де жолға қойылмақта.
- Брокколи витамин ҳәм пайдалы микроэлементлерге бай палыз өними. Оны турақлы пайдаланыў иммунитетти беккемлейди. Ас сиңириў ағзаларының жумысын жақсылап, холестеринди жоқ етиўге жәрдем береди, - дейди "Дўстлик" ордениниң ийеси Йўлдаш Нарымбетов. - Қалаберди, брокколи капустасы тез өседи. Егилгеннен кейин өними 60-80 күнде жыйнап алыныўы мүмкин. Бир гектардан 15-20 тоннаға шекем өним береди. Әҳмийетлиси, базарлы. Соның ушын да перспективалы бизнес.
Беруний районында 5 пал ҳәррешилик хожалығы бар. Халық атыз шети ҳәм бағ арасында пал ҳәрресин бағып, шаңарағына дәрамат алып келмекте. Атап айтқанда, районның "Тынышлық" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Полат Аметов пал ҳәррешиликте көп жыллық тәжирийбеге ийе. Ол билим ҳәм тәжирийбесин тараўға жаңадан кирип киятырған ўатанласларымызға да үйретпекте.
- Халқымыз пал ҳәррени "жети ғәзийнениң бири", дейди. Бул гәптиң мазмуны оғада терең. Себеби кишкене шыбын-ширкейдиң жүдә үлкен пайдасы бар. Қалаберди, мәмлекетимиздиң тәбийғый климат шараяты пал ҳәрресин алдыңғы технология тийкарында егислик майданлар әтирапында бағыў ушын оғада қолайлы. Пал ҳәррениң палынан тысқары, мумы, гүл шаңы, прополиси, пал ҳәррениң сүти ҳәм зәҳәри де оғада қымбат баҳалы. Олар медицина ҳәм фармацевтика санаатында сийрек ушырасатуғын шийки зат сыпатында қолланылады, - дейди Полат Аметов.
Президентимиздиң "Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларының әтирапындағы майданларда экспортқа жарамлы егинлер егиў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленген. Бул бағдарда Беруний районында белгили бир әмелий жумыслар исленбекте. Соның ишинде, бағ қатар араларына тоқсанбасты егинлер егилмекте. Сондай-ақ, мийўели тереклерге форма берилмекте.
Районда 577 гектар бағ бар. Соннан 92 гектары жүзимшилик. Жаңадан ашылған бағлардың майданы болса 87 гектар. Олардан 60 гектарында ғәлле егиў имканияты бар. Район жуўапкерлери мине усы орынлардан да үнемли пайдаланыўға ҳәрекет етпекте. Өзи дийқаншылық бойынша берунийликлердиң өзине тән тәжирийбе мектеби қәлиплескен. Усы күнлерде шебер дийқанлардың мийнети нәтийже көрсетпекте. Соның ишинде, "Наўайы" аўыл пуқаралар жыйынында ерисилген жетискенликлер оғада салмақлы. Дийқаншылық - аймақтың тийкарғы драйверлеринен бири.
Мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшисиниң айтыўынша, усы жылы аймақта ғәлледен босаған жерге егилген овош ҳәм палыздан жоқары зүрәәт алынған. Мәселен, "Иззат Жуманиязов" фермер хожалығының ағзалары 3 гектарға гешир, түрпи, шалғам, капуста сыяқлы овошлар еккен. Ҳәзир фермер зүрәәтин жыйнап-терип атыр.
Буннан тысқары, район халқы шарўашылықта да өзине тән нәтийжелерге ериспекте. Мәселен, Сапаргүл Жамалова семинтал ҳәм голдштейн нәсилли қарамал бағып келмекте. Сыйырлардың ҳәрбири күнине 30-40 литр сүт береди. Бул шаңарақ ушын жақсы дәрамат дегени. Қаҳарманымыздың режеси үлкен. Ол заманагөй фермер хожалығын шөлкемлестирмекши.
Елимизде тоқсанбасты егинлер егиўге де айрықша итибар берилмекте. Соның ишинде, Қарақалпақстанда өнимнен босаған майданларға, бағ қатар араларына суўыққа шыдамлы гешир, пияз, чеснок, ас ләблебиси, кашнич, петрушка, сельдерей, салат жапырағы сыяқлы көк шөплер тоқсанбасты усылында егилмекте.
Гүздиң қуяшлы күнлеринен үнемли пайдаланып, тоқсанбасты усылында жерге туқым еккен дийқан ҳеш қашан утылмайды. Себеби, әне, усы усылда егилген егинлер жүдә ерте, қыс салыстырмалы жыллы келген жылларда ҳәттеки февралдың ақырынан-ақ өне баслайды. Усы тәризде дийқанға жақсы дәрамат келтиреди.
Әмиўдәрья районында да фермерлер бос атызларға, халықтың қыйтақ жерлерине, бағ қатар араларына ықлым шараятына сәйкес овошларды тоқсанбасты усылында егиўге айрықша итибар қаратпақта. Атап айтқанда, районда бағшылық бағдарындағы фермер хожалықларының 1096 гектар бағы бар. Соннан 20 гектарына тоқсанбасты усылында егин егилмекте.
Жақында райондағы "Улығбек Ҳосилбек" жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы атызда көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Онда тараў қәнигелери тоқсанбасты усылында егин егиў сырлары менен ортақласты. Атап айтқанда, туқым таңлаў ҳәм сайлап алыў, атызды қайта ислеў, егилген бағды қорғаў, суўғарыў ҳәм азықландырыўдың мүддетлери, жер музлап, егинди суўық урмаўы ушын қорғаў усылы сыяқлы зәрүр агротехникалық илажлар бойынша толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң Әмиўдәрья районы бөлими қәнигелери шыбын-ширкей ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў илажлары бойынша мәсләҳәтлер берди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы