Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Өзбекстанның Пакистан менен кейинги 9 жылдағы саўда-экономикалық бирге ислесиўин таллады.
Кейинги жылларда Өзбекстан тек ғана дәстүрий саўда-экономикалық бирге ислесиўшилер менен емес, ал жаңа экспорт базарларына шығыў бойынша ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда әҳмийетли роль атқарып атырған мәмлекетлер менен де бирге ислесиўди сезилерли дәрежеде жеделлестирди.
Бундай мәмлекетлер қатарында Пакистан айрықша орын ийелейди - халқы көплиги бойынша Қубла Азияда екинши орында туратуғын, экономикалық раўажланыў бойынша үлкен потенциалға ийе мәмлекет болып, оның қатнасыўында Өзбекстан "Трансаўған темир жолы"н қурыў бойынша үлкен жойбарды әмелге асырыўды режелестирмекте.
2022-жыл март айында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пакистанға рәсмий сапары болып өтти, онда стратегиялық шерикликти буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў ниетлери тастыйықланды.
2025-жыл февраль айында Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға рәсмий сапары болып өтти, онда саўда, санаат ҳәм транспорт тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў механизмлери додаланды, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында Стратегиялық шериклик жоқары кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында келисимге ерисилди.
Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы өз-ара саўдада ең қолайлы режим енгизилген, Преференциал саўда ҳаққындағы келисим ҳәм Транзит саўдасы ҳаққындағы келисимге қол қойылған.
Еки тәреплеме саўда динамикасы
2017-2025-жыллар даўамында еки мәмлекет арасында өз-ара саўда көлеми 12,2 есеге артып, 2025-жылдың жуўмағы бойынша 445,9 миллион долларды, Пакистанға экспорт 32 есеге өсип, 325 миллион долларды, Пакистаннан импорт 4,6 есеге өсип, 120,9 миллион долларды қурады.
Өзбекстан экспорт көлеминиң өсиўи нәтийжесинде 2019-жылдан берли Пакистан менен сыртқы саўда сальдосы унамлы дәрежеге көтерилди.
2025-жылы Өзбекстанның Пакистанға экспорты төмендеги товар позицияларынан ибарат болды: азық-аўқат өнимлери (қурғатылған собықлы овошлар, ғоза ҳәм писте) - 260,2 млн доллар (80%), санаат товарлары (ийирилген жип) - 21,2 млн доллар (6,5%), азық-аўқат емес шийки зат - 13,2 млн доллар (4,1%), сондай-ақ, хызметлер (тийкарынан транспорт) - 30,1 млн доллар (9,3%).
2025-жылы Пакистаннан импортта тийкарғы үлести төмендеги товарлар ийелеген: азық-аўқат өнимлери (гөш, картошка, цитрус мийўелер) - 56,2 миллион доллар (46,5 процент), химия өнимлери (дәри-дәрмақ, жуўыў қураллары) - 45,3 миллион доллар (37,5 процент), санаат товарлары - 6,4 миллион доллар (5,3 процент), сондай-ақ, хызметлер - 4 миллион доллар (3,3 процент).
Инвестициялық бирге ислесиў
2026-жыл 1-январь жағдайына бола, Өзбекстанда Пакистан капиталының қатнасыўындағы 208 кәрхана, соннан 18 қоспа кәрхана ҳәм 100 процент Пакистан капиталының қатнасыўындағы 190 кәрхана жумыс алып бармақта.
2017-2024-жыллары Пакистаннан Өзбекстан экономикасына тартылған тиккелей инвестициялар ҳәм кредитлердиң улыўма көлеми 62,5 миллион долларды қурады, соннан 47,4 миллион доллары 2024-жылы тартылған.
Өзбекстан ҳәм Пакистанның инвестициялық бирге ислесиўи қайта ислеў санааты, атап айтқанда, азық-аўқат, тоқымашылық, былғары, фармацевтика, транспорт ҳәм логистика, соның ишинде, инфраструктуралық жойбарлар, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм инженерлик хызметлери тараўларында раўажланбақта.
Транспорт тараўындағы бирге ислесиў
Өзбекстан ҳәм Пакистан, сондай-ақ, Қубла Азияның басқа да мәмлекетлери арасында саўданы көбейтиўде тийкарғы тосқынлықлардан бири тиккелей темир жол қатнаўының жоқлығы болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Пакистан қатнасыўында мәмлекетлеримиз арасында қысқа ҳәм үнемли транспорт коридорын жарататуғын "Мозори-Шариф - Қабул - Пешавар" темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўдан мәпдар.
Бул жойбардың әмелге асырылыўы тек ғана Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы өз-ара саўданы көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратып қоймастан, ал еки мәмлекеттиң транзит потенциалын арттырады, сондай-ақ, Орайлық ҳәм Қубла Азия регионларын қысқа транспорт жолы арқалы байланыстырады, Орайлық Азия регионы мәмлекетлери ушын Пакистанның Гвадар ҳәм Карачи портларына шығыў имканиятын ашады.
ЭИРОның жәмийетшилик пенен байланыслар секторы.