Ташкент ўәлаятының Бостанлық районына ("Чорвақ" еркин туристлик зонасына) график тийкарында ҳәрекетлениўши мәўсимлик автобуслар қатнаўы жолға қойылды.
Қатнаўлар «Uzautotrans service» кәрханасы тәрепинен Yutong автобусларында 2024-жылдың 28-декабрьинен 2025-жылдың 5-январь күнине шекем әмелге асырылады.
Автобуслар "Машинасозлар" метро бәндиргисинен саат 9:00 ҳәм 16:00 де жөнеп кетеди.
Чорвақтан (Ҳумсон) болса 12:00 ҳәм 18:00 де ҳәрекетленеди.
Бул жөнелисте жол ҳақы 20 000 сум етип белгиленген.