Бул ҳаққында Ташкент метрополитени хабар берди.
Бизге белгили, Ташкент метрополитени декабрь айында биринши мәрте бир күнде миллионнан аслам жолаўшыға хызмет көрсеткен еди.
"Метрополитен пайдаланыўшыларының көбейиўи өз гезегинде хызмет көрсетиў сапасына тәсир етип атырған, тығылыс ҳәм қолайсызлық артып баратырған еди. Бул машқалаларды сапластырыў мақсетинде 3 жаңа ҳәрекетлениў қурамы (12 метро вагоны) метро вагон паркине алып келинди", делинеди хабарда.
Бул ҳәрекетлениў қурамлары белгиленген көрсетпеге тийкарланып, 9-10 күн даўамында техникалық сынақтан өткерилип, соңынан жолаўшыларға хызмет көрсетиўи жолға қойылады.