"Ташкент метрополитени" МУКтың мәлим етиўинше, бул ҳәрекетлениў қурамлары белгиленген инструкцияға тийкарланып, 7-10 күн даўамында техникалық сынақтан өткерилип, соңынан хызмет көрсетиў ушын жөнелислерге шығарылады.
Сондай-ақ, усы жылдың февраль айы даўамында және усы түрдеги 3 метро поездының алып келиниўи режелестирилгенин атап өтиў керек.








