Ташкент метросында ҳаял электропоезд айдаўшылары жумыс баслады

    5 мамыр 2025 908

    Ҳәзирги ўақытта ҳаял машинистлер электропоездларды тренерлериниң қадағалаўы астында басқармақта.

    Ташкент метросында биринши мәрте ҳаял электропоезд айдаўшылары пайда болды, деп хабар береди Россияның "МИР" телеканалы өзиниң видеокөринисинде.

    Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта ҳаял машинистлер электропоездларды тренерлериниң қадағалаўы астында басқармақта, жақын келешекте болса олар поездларды еркин басқарыўды баслайды.

    Ҳаял айдаўшылар топарына биринши таңлаў өткен жылы Президент тапсырмасы менен жәрияланған еди. Таңлаўдан метрополитенниң түрли структураларында жумыс тәжирийбесине ийе болғанлар өтти.

    Сәўбетлесиў, медициналық комиссия ҳәм психологиялық тест сынақларынан соң 16 хызметкер жумысқа қабыл етилди.

    11 ай даўамында қызлар жедел оқытылды: поездлардан пайдаланыў қағыйдалары, олардың техникалық дүзилиси, сондай-ақ, пневматикалық үскенелердиң ислеў принциплери үйренилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates