Бул ҳаққында метрополитен администрациясы мәлим етти.
Хабарда айтылыўынша, бүгинги күнде көплеген бәндиргилерде билет сатып алыў ушын мөлшерленген автоматластырылған банкоматлар орнатылмақта.
Сол себепли, касса операторы лаўазымындағы хызметкерлерге болған талап азайып бармақта. Жабылған кассалардағы оператор лаўазымы жумыс орынлары басқышпа-басқыш қысқартылмақта. Соның ишинде, биринши басқышта 204 касса операторы лаўазым штатлары белгиленген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында қысқартылды.
Жоқарыда атап өтилген автоматластырылған банкоматларды метрополитенниң барлық бәндиргилеринде жылдың ақырына шекем орнатыў режелестирилген ҳәм буның нәтийжесинде Ташкент метрополитенинде касса операторы ҳәм үлкен оператор лаўазымларына болған талап қалмайды.
"Соны есапқа алған ҳалда, "Ташкент метрополитени" МУК администрациясы тәрепинен жумыс алып барып атырған оператор хызметкерлери ушын жаңа қосымша имканиятлар жаратыў режелестирилмекте. Атап айтқанда, хызмет лаўазымы қысқартылып атырған ҳәр бир хызметкерге, өз қәлеўи ҳәм имканиятларынан келип шығып, кәсип-өнер үйрениў курсларында қатнасыў усыныс етиледи. Олар бухгалтерия, тигиўшилик, кондитерлик ҳәм сол сыяқлы басқа да бағдарлардағы курслардан бирин таңлаў имканиятына ийе болады", - делинеди хабарда.
Ең әҳмийетлиси, бул оқыў курсларының төлемлери белгиленген тәртипте "Ташкент метрополитени" МУК тәрепинен толық қаплап бериледи.
Бул басламадан гөзленген тийкарғы мақсет - лаўазымы қысқарыў процесинде болған хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў, оларға жаңа кәсип үйрениў арқалы турақлы дәрамат дәрегин жаратыў екен.