Илажда Патшалықтың инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳ, “ACWA Power”, “Al Muhaidib Group”, “Vision Invest”, “Data Volt”, “Riyadh Cables”, “AlMajdiah”, “InterHealth”, “Saudi Tabreed”, “AlBawani Holding”, “Miahona”, “Pemco” ҳәм басқа да жетекши компания ҳәм корпорациялары қатнасты.
Ушырасыў алдында Президентимиз еки мәмлекет басшыларының биргеликтеги ҳәрекетлери себепли кейинги жылларда Өзбекстан-Саудия көп қырлы шериклик қатнасықлары жоқары дәрежеге көтерилгенин айрықша атап өтти.
Биргеликтеги жойбарлардың улыўма портфели 27 миллиард доллардан артты. Соның менен бирге, усы жылдың басынан берли елимизде Саудияның 2 миллиард долларлық инвестициялары өзлестирилди. Өз-ара саўда көлеми турақлы артып бармақта. Авиақатнаўлар саны ҳәптесине 60 мәртеден асты.
Бүгин еки мәмлекет арасындағы нәтийжели ҳәм узақ мүддетли шерикликтиң және бир айқын дәлили болған тарийхый жойбар - жаңа Ташкент халықаралық аэропортының қурылысына тырнақ тасы қойылатуғыны айрықша атап өтилди.
- Өзбекстанның экономикалық трансформациясына, оның раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған саудиялы шериклеримизди биз бәрқулла жоқары қәдирлеймиз, - деди Президент.
Соң Өзбекстан жетекшиси бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын көрсетип, энергетика тараўындағы жойбарлар айрықша әҳмиетке ие екенин атап өтти.
Бүгинги күнде "ACWA Power" компаниясы тәрепинен мәмлекетимизде 15 миллиард долларлық жойбарлар, соның ишинде, аймақларда самал ҳәм қуяш электр станцияларын қурыў, "жасыл" водородты раўажландырыў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Бундай жойбарларда өзимиздиң ислеп шығарыўшылардың өнимлеринен кеңнен пайдаланыў санаатымыз потенциалының раўажланыўына хызмет етеди.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды. "Data Volt" компаниясы Ташкент қаласында заманагөй мағлыўматлар орайын шөлкемлестириў жойбарын табыслы әмелге асырмақта. Жаңа Ташкент ҳәм Бухарада усындай орайлардың қурылысын, сондай-ақ, Саудия Арабстаны компанияларының санлы басламалардағы қатнасын қоллап-қуўатлаўға таярлық билдирилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан вольфрам, молибден, магний, литий, графит, титан ҳәм басқа да стратегиялық әҳмийетке ийе пайдалы қазылмалардың үлкен резервлерине ийе.
Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында "Келешек металлары технопарки" шөлкемлестирилип, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылады.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз жетекшиси саудиялы инвесторларды геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм шийки затты қазып алыўдан баслап, оны қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға шекемги барлық процесслердеги жойбарларда белсене қатнасыўға мирәт етти.
Инфраструктура тараўында "Miahona" компаниясы менен Ферғана ҳәм Жиззақ қалаларында ақаба суўларды тазалаў, Қарақалпақстанда суў тәмийнаты системаларын раўажландырыў ҳәм насос станцияларын модернизациялаў жойбарлары бойынша табыслы бирге ислесип атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, "Saudi Tabreed" компаниясы менен коммунал тараўды раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Президентимиз Патшалық компанияларын инфраструктураны модернизациялаў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған өз-ара пайдалы жаңа жойбарларда белсене қатнасыўға шақырды.
Өз гезегинде, Саудия Арабстанының жетекши исбилермен топарларының ўәкиллери Жаңа Өзбекстанның экономикалық сиясаты, турақлы өсиўи ҳәм қолайлы инвестициялық орталығын жоқары баҳалап, мәмлекетимизде өз-ара пайдалы шерикликти және де тереңлестириў, анық жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыў режелерин билдирди.