Атап өтилиўинше, Өзбекстан жеңил атлетика федерациясының стадионында өтип атырған "UNG Meeting Continental" турнири Халықаралық жеңил атлетика федерациясының календарынан орын алған қола дәрежесиндеги турнир болып, онда 13 мәмлекеттен келген спортшылар жеңимпазлық ушын гүрес алып бармақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамларына қараслы суў спорты сарайында синхрон жүзиў бойынша "Суў периси" Орайлық Азия ашық чемпионаты шөлкемлестирилмекте.
6 мәмлекет спортшылары усы турнирде Y12, U15 ҳәм үлкенлер жас категорияларында медальлар ушын гүрес алып барады. Турнир 17-майға шекем даўам етеди.








