Атап өтилиўинше, усы жылдың 5-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Қорғаныў министрлиги ҳәм Миллий гвардия әскерий бөлимлериниң демонстрациялық пияда жүриси болып өтти.
"Жеңис парки" естелик комплексинен баслап пайтахтымыздың тийкарғы көшелери бойлап ҳәрекетленген әскерий бөлимлер Magic City майданына шекем жедел қәдемлер менен жаўынгерлик қосықларды атқарғаны ўатанласларымыздың қәлбинде Ўатан қорғаўшыларына байланыслы мақтаныш сезимлерин және де арттырды.
Соңғы ноқатта Ҳүрметли қараўыл жәмәәти ҳәм қол урысы шеберлериниң көргизбели шығыўлары, бөлимлердиң жаўынгерлик шақырыўы, әскерий оркестрдиң дифеле көргизбелери атқарылғаны жаслардың қәлбинде Ўатанға садықлық пенен хызмет етиў жоқары мәртебе екенин терең аңлаўына хызмет етти.