баннер
8 Apr 2025
05:30

    Ташкентте Өзбекстан-Франция бизнес форумы болып өтти

    2025-жыл 30-январьда Ташкент қаласында Францияның AIRBUS, Experto Consulting, Iveco Group, MND, Roxalex, Suez, Société Générale, ALSTOM, Veolia, nergy, EDF International Networks, Voltalia, Total Energies сыяқлы 50 ден аслам ири компанияларының ўәкиллери қатнасыўында Өзбекстан-Франция бизнес форумы болып өтти.

    Өзбекстан делегациясына Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Хуррам Тешабаев, Франция делегациясына «MEDEF International» кәрханалар ҳәрекетиниң баслығы, «Orano» компаниясының басшысы Клод Имовен басшылық етти.

    Илаж даўамында форум қатнасыўшыларына Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы шараятлар, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған илажлар, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң санаатындағы имканиятлар ҳәм инвестициялық потенциалы ҳаққында мағлыўмат берилди. Франция компанияларының энергетика, таў-кән санааты, суў тәмийнаты, транспорт ҳәм туризм тараўларындағы табысларына айрықша итибар қаратылды.

    Буннан тысқары, бизнес-форум шеңберинде дөгерек сәўбети де шөлкемлестирилди. Онда министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Франция кәрханалары менен компанияларының басшылары қатнасты.

    Илажды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев ашып, мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық байланыслар жедел раўажланып атырғаны, соңғы жылларда жоқары өсиў динамикасы бақланып атырғанын атап өтти.

    Кейинги 7 жыл ишинде товар алмасыў дерлик 5 есеге артып, 1,13 миллиард долларға жетти. Өзбекстанда жумыс алып барып атырған француз компанияларының саны дерлик 4 есеге көбейди. Бүгинги күнде мәмлекетимизде қурылыс, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўларға қәнигелескен Франция инвестициясы қатнасыўындағы 50 кәрхана жумыс алып бармақта.

    Еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы тиккелей бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенлигин есапқа алып, француз исбилерменлерине жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў усыныс етилди.

    Сөйлесиў ашық-айдын өткерилгени қатнасыўшыларға өз усынысларын билдириў, тәреплерди қызықтырған бир қатар тараў ҳәм бағдарлар бойынша жаңа басламалар менен шығыў имканиятын берди.

    Илаж бағдарламасына тән қатнасыўшылар, сондай-ақ, B2B ҳәм B2G форматындағы еки тәреплеме ушырасыўларға мирәт етилди, бул болса исбилерменлерге жаңа байланыслар орнатыў ҳәм инвестиция ҳәм саўда келисимлерине ерисиў имканиятын берди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech