Оның атап өтиўинше, жойбар қурылысын 2026-жылдың ақырына шекем жуўмақлаў режелестирилмекте.
Сондай-ақ, Ташкентти Жаңа Ташкент пенен байланыстырыў ушын "Дослық" бәндиргисинен жаңа метро жөнелиси қурылады.
"Биз Президентке "Пушкин" метро бәндиргисинен ТТЗ массивине шекем, 10 км ден аслам жаңа метро жөнелиси жойбарын усындық. Усы ТТЗ жөнелиси таңланғанының себеби Ташкентке тийкарынан адамлар ағымы усы тәрептен Шыршық, Ғазалкенттен келеди. Бул метро жойбарының қурылысы жолдағы тығылыслардың алдын алыўға ҳәм адамларға қосымша шараятлар жаратады", - дейди министр.