АҚШ Президенти Дональд Трамп сийшемби күни ол енгизген саўда тарифлери АҚШ бюджетине жәми 650 миллиард доллар дәрамат келтиргенин айтты.

"Биз тарифлер есабынан байып кеттик. Айтпақшы, буны ҳәмме түсинеди деп үмит етемен. Олар (Америка баспасөзи) мәмлекетимизге 650 миллиард доллардан аслам қаржы тартылғаны, жақын арада бюджетке түсиўи ҳаққында хабар бериўди унатпайды", деди ол Вашингтонда республикашы конгрессменлер менен сәўбетте.

Трамптың билдириўи АҚШ Жоқарғы суды мәмлекет басшысы тәрепинен енгизилген импорт бажыларының нызамлылығы ҳаққында күтилип атырған қарар, сиясатшы олардың мәмлекеттиң экономикалық өсиўиндеги ролин жедел атап өтип атырған бир ўақытқа туўра келди, деп хабар берди ria.ru.