Вашингтон ҳәкимшилиги Кубадан келетуғын қәўип себепли Қурама Штатларда айрықша жағдай режимин енгизеди. АҚШ рәсмийлери Гавананың Россия ҳәм Қытай менен бирге ислесиўин басқа мәмлекетлердиң атаў мәмлекетине нефть жеткерип бериўине қарсы илажлар көриў ушын тийкарлардан бири деп есапламақта. Бул ҳаққында АҚШ Президенти Дональд Трамптың атқарыў пәрманында айтылған.

Усы ҳүжжетке муўапық, АҚШта Куба тәрепинен қәўип бар екенлиги себепли айрықша жағдай режими рәсмий түрде енгизиледи. Нызам бойынша бул Америка жетекшисине Кубаға нефть жеткерип берип атырған мәмлекетлердиң товарларына бажы төлеў ўәкиллигин береди. Бундай режимди рәсмий түрде енгизиў АҚШта әдеттеги тәртип есапланады. Трамп екинши президентлик мүддети даўамында экономикалық тараўда ҳәр қыйлы илажлар көриў, соның ишинде, бажыларды енгизиў ушын кеминде 10 мәрте усылай еткен. АҚШта бир неше онлаған усындай режимлер әмел етпекте, олар турақлы түрде созып барылмақта, деп жазбақта tass.ru.

Пәрман текстинде айтылыўынша, айтылып өтилген бажылардың киргизилиўи ушын тийкарлардан бири Куба ҳүкиметиниң "АҚШқа зыян жеткериўши ҳәм қәўип салыўшы" ҳәрекетлерди әмелге асырып атырғаны болып есапланады. Гавана, Вашингтон ҳәкимшилигиниң пикиринше, "АҚШқа душпан тәреплер" менен тилеклес. Пәрман текстине муўапық, олар қатарына АҚШ, атап айтқанда, Россия, Қытай, Иран киреди. "Мысал ушын, Куба АҚШтың қәўипли душпанларын ашықтан-ашық қабыл етип, оларды мәмлекетте АҚШтың қәўипсизлигине тиккелей қәўип туўдыратуғын ең соңғы қурал-жарақ ҳәм разведка системаларын жайластырыўға шақырмақта", делинеди ҳүжжетте.

Трамп пәрманында келтирилген версияға бола, "Кубаға Россияның ең ири сырт ел радиолокациялық разведка объекти жайласқан болып, оның жәрдеминде АҚШ миллий қәўипсизлигине байланыслы сырлы мағлыўматларды урлаўға урынбақта". Қайсы объект ҳаққында сөз етилип атырғаны ҳүжжетте анықланбаған. Россияның Лурдесс қаласындағы (Гавана қаласы) радиолокация орайы 2002-жылы жабылған. Пәрманда, сондай-ақ, "Куба ҚХР менен разведка ҳәм қорғаныў тараўларында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўда даўам етеди", деп атап өтилген.