Reportтың жазыўынша, бул ҳаққында Трамп Вашингтонда Газо бойынша дүнья кеңесиниң биринши мәжилисинде америкалы сөйлесиўшилер Стив Уиткофф ҳәм Джаред Кушнердиң жумысына байланыслы айтқан.
"Сизге мәлим болғанындай, Иран ҳәзирги ўақытта қызғын ноқат болып турғаны менен байланыслы мәселелер бойынша оларда оғада қызықлы ушырасыўлар болды. Олар Иран ўәкиллери менен ушырасып, жақсы мүнәсибетте болды. Жақсы сөйлесиўлер болып атыр", - деди Трамп.
Президент Трамп соңғы жылларда Иран менен шын мәнисиндеги мазмунлы келисим дүзиў аңсат болмайтуғынын көрсеткенин атап өтти.
"Биз әйне мазмунлы келисим дүзиўимиз керек. Болмаса жаман нәрселер жүз береди. Бирақ бизге реал, әҳмийетли келисим керек", - деди ол.
Трамптың қосымша етиўинше, Иран менен ядро бағдарламасы бойынша келисим дүзиў менен байланыслы жағдай жақын 10 күн ишинде анықласады.
"Кейинги 10 күн ишинде биз келисим дүзгенимизди, көрсеңиз керек", - деди ол.