. Бул болса, өз гезегинде, Орайлық Азия байланыслылығының жаңа архитектурасын қәлиплестиреди ҳәм регионның Евроазия мәканына шығыўы ушын қосымша имканиятлар жаратады. Еки мәмлекеттиң Шығыс - Батыс ҳәм Арқа - Қубла тийкарғы транзит жөнелислериниң кесилиспесинде жайласқаны логистика, мультимодал тасыўлар ҳәм санлы шешимлер тараўындағы биргеликтеги жойбарларға жоқары талапты белгилейди.
Президентимиздиң ақылға уғрас сиясаты себепли регионда жақсы қоңсышылық ҳәм исеним орталығы беккемленбекте, транспорт жағынан өз-ара байланыслылық ҳәм интеграция тереңлеспекте. Соның ишинде, Түркменстан менен де бирге ислесиў ҳәр тәреплеме жедел раўажланбақта. Президентимиздиң усы жылы 11-12-декабрь күнлери усы мәмлекетке әмелий сапары шеңберинде Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен ушырасыўында атап өтилгениндей, жыл басынан берли товар алмасыў дерлик бир миллиард долларға жетти. "Шават-Ташаўыз" шегара алды саўда зонасы табыслы жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысының "Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында" мақаласында атап өткениндей: "Әсте-ақырын Орайлық Азияның жаңа регионаллық өзине тәнлиги жүзеге келмекте. Бул өзгешеликлеримизди тән алыў ҳәм соның менен бирге халықларымыздың улыўма тарийхын, уқсас мәдениятын, тәғдирлеримиз өз-ара байланыслы екенин терең аңлаўға тийкарланады. Қоңсышылық - қәўип емес, имканият, бир тәрептиң табысы - ҳәммениң табысы, деген бирден-бир регионаллық мәканға тийислилик сезими қәлиплеспекте".
Өзбекстан ҳәм Түркменстан бирге ислесиўи бул тенденцияны айқын сәўлелендиреди: инфраструктура жойбарларын синхронизациялаўды күшейтиў ҳәм транзит тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў арқалы мәмлекетлер және де бәсекиге шыдамлы ҳәм турақлы логистика шынжырлары ушын тийкар жаратпақта.
2025-жылдың 9 айында мәмлекетлеримиз арасында жүк тасыў көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 30 процентке артып, 1,3 миллион тоннаны қурады. Тасыўлардың ең үлкен үлеси автомобиль транспортының үлесине туўра келеди, бул болса оны еки мәмлекет арасындағы транспорт байланысының тийкарғы элементлеринен бирине айландырады.
Транскаспий транспорт коридоры ҳәм өз-ара байланыслылық бойынша өткен айда пайтахтымызда өткерилген инвесторлар форумы Европа Аўқамы, Қара теңиз бойы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң ўәкиллерин бир майданға жыйнап, өз-ара бирге ислесиў ҳәм байланыслылық күн тәртибин алға қойыўға тийкар жаратқаны менен әҳмийетли болды.
Себеби, бириншиден, бүгинги күнде Транскаспий коридоры Қытай, Жақын Шығыс ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлерин Европа менен байланыстыратуғын тийкарғы жөнелислерден бири сыпатында қәлиплеспекте. Халықаралық шөлкемлер экспертлериниң баҳалаўынша, 2030-жылға барып Орта коридор арқалы тасылатуғын жүклер көлеми жылына 10 - 11 миллион тоннаға жетеди. Сонлықтан, Өзбекстан Европа Аўқамы менен биргеликте бул бағдарды раўажландырыўда белсене қатнаспақта.
2024-жылы Өзбекстанның Транскаспий коридоры арқалы жүк тасыў көлеми турақлы өсиўди көрсетип, бир миллион тоннадан асты, бул 2019-жылдағыдан бес есеге көп.
Екиншиден, форум шеңберинде транспорт ҳәм логистика бойынша өз-ара байланыслылықтың "жумсақ" ҳәм "қатты" тәреплери - нормативлик-ҳуқықый базаны үйлестириў, инфраструктураға инвестициялар ҳәм саўда жолларын санластырыў бойынша тематикалық сессиялар өткерилди. Додалаўлар даўамында биргеликтеги муўапықластырыў регионаллық шерикликти беккемлеўи мүмкин екени көрип шығылды. Қатнасыўшылар биргеликтеги инвестициялық жойбарлардың тийкарғы бағдарларын белгилеп алды.
Ноябрь айында пайтахтымызда өткерилген және бир ири халықаралық әнжуман - Орайлық Азия - Европа Аўқамы үшинши экономикалық форумы да мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди, соның ишинде, транспорт-логистиканы раўажландырыўға тийкар жаратқанын айрықша атап өтиў орынлы.
Соның ишинде, регионаллық қарым-қатнасты беккемлеў ҳәм ҳәзирги ўақыттағы әҳмийетли мәселелерге биргеликте шешим ислеп шығыў мақсетинде Өзбекстан ҳәм ЕА биргеликте шөлкемлестирилген әнжуман жаңа жумыс орынларын жаратыў, биргеликтеги жойбарлар үстинде ислеў, турақлылықты тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли бағдарлардың раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болды. Форумда 32 мәмлекеттен ўәкиллердиң қатнасқаны да регионларымыз арасындағы бирге ислесиў ҳәр қашанғыдан да жақсыланып атырғанынан дәрек береди.
Форумның әҳмийетине келетуғын болсақ, Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасындағы саўда көлеми соңғы жети жылда төрт есеге артып, 54 миллиард евроға жетти. Европа Аўқамы соңғы он жылда 100 миллиард евродан аслам тиккелей инвестиция киргизип, регионның тийкарғы инвесторы болып қалмақта.
Сондай-ақ, Европа Аўқамы тәрепинен усыныс етилген GSP ҳәм GSP+ режимлери регион мәмлекетлерине Европа базарына турақлы кириў имканиятын жаратып, миллий өндиристи модернизациялаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Форумда тәреплер арасында ерисилген келисимлер болса региондағы саўда байланысларын және де кеңейтиў, экономикалық инвестициялардың көлемин арттырыў, Өзбекстанды Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын стратегиялық транзит орайына айландырыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли.
Улыўма, ҳәр еки форумда ерисилген келисимлер регионларымыз арасындағы бирге ислесиўдиң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығады. Биргеликтеги ири жойбарлар шеңберинде қурылатуғын жаңа өндирислик қуўатлықлар, жолға қойылатуғын жаңа механизмлер экономикалық турақлылық, халықтың абаданлығына тийкар жаратады. Әҳмийетлиси, транспорт-логистика системасында жаратылып атырған қолайлықлар теңиз жолларынан узақта жайласқан регионымыз мәмлекетлерине үлкен имканият жаратады.
- Бул бағдарда Өзбекстан ҳәм Түркменстанның транспорт тараўындағы бирге ислесиўи стратегиялық әҳмийетке ийе, - дейди Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайының басқарма баслығы Дилдора Ибрагимова. - Себеби Түркменстан аймағы арқалы өтетуғын жөнелислер Өзбекстанға Каспий теңизи, Жақын Шығыс ҳәм Иранға шығыў имканиятын береди, бул болса оларды сыртқы саўданы диверсификациялаў ушын тийкарғы бағдарға айландырады. Өткериў пунктлерин модернизациялаў, процесслерди оптималластырыў ҳәм санлы қуралларды енгизиў себепли автотранспортта тасыў көлеми турақлы өсиўди көрсетпекте. 2024-жыл декабрь айында Фарап автомобиль жоллары бажыхана постының қайта қурылған комплексиниң пайдаланыўға тапсырылыўы регионаллық транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды. Модернизация нәтийжесинде объекттиң өткериўшеңлик қәбилети күнине 1000 транспорт қуралына шекем артты, бул алдынғы көрсеткиштен еки есеге көп.
Инфраструктураны жаңалаў тек ғана коридордың өткериўшеңлик қуўатлылығын күшейтип қоймастан, ал мәмлекетлер арасындағы саўда ағымларын көбейтиў ушын қосымша имканиятлар жаратты. 2025-жылдан баслап Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында еки мәмлекет аймағында автомобиль транспортында тасыў ушын жыйым ҳәм төлемлер бойынша теңдей шәртлерди белгилеў ҳаққында келисимге ерисилди. Бул тасыўшылар ушын ашық-айдын ҳәм тең шараятларды тәмийинлейди, тасыў қәрежетлерин азайтады, транзитти әпиўайыластырады ҳәм автомобилде тасыўлардың нәтийжелилигин арттырады.
Буннан тысқары, еки тәреплеме қатнасықларда айрықша орын ийелейтуғын темир жол транспорты тараўындағы бирге ислесиў беккемленбекте.
Түркменстан аймағы арқалы Каспий теңизиндеги Түркменбашы ҳәм Персия қолтығындағы Бандар Аббас портларына турақлы логистика жолы бар, бул Кавказ, Түркия, Европа ҳәм Жақын Шығыс жөнелислеринде мультимодал тасыўлар имканиятын сезилерли дәрежеде кеңейтеди.
Темир жол ҳәкимшиликлериниң биргеликтеги жумыслары тутасыў станцияларының өткериўшеңлик қуўатлылығын арттырыў, тариф шешимлерин оптималластырыў ҳәм контейнер хызметлерин раўажландырыўға қаратылған болып, бул тасыўлардың тезлиги ҳәм турақлылығын арттырыў имканиятын береди.
Соның менен бирге, өз-ара қоллап-қуўатлаўға тийкарланған тариф сиясаты транзитти хошаметлеўдиң тийкарғы қуралларынан бирине айланды. Түркменстан ҳәм Өзбекстан арқалы тасылатуғын жүклер түри ҳәм ҳәрекетлениў бағдарына қарап 50 процентке шекем шегирмелер усыныс етилмекте. Бул транзиттиң турақлылығына жәрдем береди ҳәм тасыўшылар ушын исенимли шараятларды қәлиплестиреди.
Мультимодал шынжырларды раўажландырыўда Түркменбашының теңиз инфраструктурасы айрықша әҳмийетке ийе. Заманагөйлестирилген халықаралық порт Транскаспий байланысының тийкарғы түйинлеринен бирине айланды.
Бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде 2025-жыл август айында Түркменбашы қаласында Өзбекстан Транспорт министрлиги ҳәм Түркменстан Мәмлекетлик теңиз ҳәм дәрья транспорты хызмети арасында кемесазлық тараўындағы бирге ислесиўди нәзерде тутыўшы түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Соның менен бирге, жөнелислердиң барлық қатнасыўшылары ушын транзит өсиўин тәмийинлейтуғын халықаралық транспорт коридорлары жедел пәтлерде раўажланбақта.
Мәселен, олардан бири Өзбекстан, Қырғызстан, Түркменстан, Әзербайжан, Грузия ҳәм Түркияны бирлестирген, 2019-жылдан берли жумыс алып барып атырған КАСКА+ жөнелиси болып есапланады. Алты жыл ишинде оны раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес дүзилди, жүк тасыў ушын 70 процентке шекем тариф жеңилликлери енгизилди ҳәм операторлар ушын қолайлы шараятлар жаратылды. Нәтийжеде 2024-жылы Өзбекстанның усы бағдар бойынша экспорт ҳәм импорт жүклериниң көлеми 1 миллион тоннаны қурады.
Бул коридорды раўажландырыў ушын Түркменбашы порты арқалы үзликсиз жүк тасыўды тәмийинлеў, портларды тереңлестириў ҳәм паромлар санын көбейтиў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў әҳмийетли.
Өзбекстан, Түркменстан, Иран ҳәм Түркия арқалы альтернатив жөнелисти раўажландырыў үстинде жумыс алып барылмақта. Соның ишинде, 2023-жыл ноябрь айында Ташкент қаласында болып өткен ИБШ министрлериниң мәжилиси шеңберинде төрт мәмлекет арасында Өзбекстан - Түркменстан - Иран - Түркия халықаралық мультимодал коридорын қәлиплестириў бойынша транспорт тараўындағы тийисли министрликлердиң көп тәреплеме ушырасыўы протоколына қол қойылды.
Оның әмелге асырылыўы Азия-Тыныш океаны регионы мәмлекетлерин Өзбекстан, Түркменстан, Иран ҳәм Түркия аймақлары арқалы Европа Аўқамы мәмлекетлери менен байланыстырыў имканиятын береди, бул болса жаңа турақлы логистика коридорын жаратады.
Коридорды раўажландырыў ушын Өзбекстан, Түркменстан, Иран ҳәм Түркия темир жоллары арқалы жүк тасыў баҳаларын бәсекиге шыдамлы етиў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў, нормативлик-ҳуқықый ҳәм техникалық стандартларды бирдей етиў, қатнасыўшы мәмлекетлердиң транспорт байланысларын күшейтиў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли.
Авиациялық бирге ислесиў тараўында 2025-жыл 22-август күни Түркменбашы қаласында Өзбекстан Транспорт министрлиги ҳәм "Түркменстан ҳаўа жоллары" арасында пуқаралық авиацияда бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында протоколға қол қойылды, онда мәмлекетлер арасында турақлы авиақатнаўларды қайта тиклеўди шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Тасыўлар көлеминиң артыўы, жөнелислердиң диверсификацияланыўы ҳәм технологиялық бирге ислесиў дәрежесиниң жоқарылаўы Өзбекстан ҳәм Түркменстан регионаллық инфраструктураның бир-бирин толықтыратуғын элементлери сыпатында майданға шығып атырған Орайлық Азияның жаңа логистика мәканын жаратыў ушын шараят жаратпақта.
Транспорт коридорларын модернизациялаў, процесслерди санластырыў ҳәм жүк ийелери ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер узақ мүддетли раўажланыў ушын беккем тийкар жаратады.
Келешекте Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириў регионның Евроазия транспорт тармағына транспорт жағынан интеграцияланыўы, жөнелислердиң бәсекиге шыдамлылығын күшейтиў, жаңа логистика альтернативлерин жаратыў ҳәм Орайлық Азияны материктиң тийкарғы транзит орайына айландырыўда әҳмийетли фактор болады.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы







