Бул тараўды экономиканың қан тамыры деймиз. Темир жоллар ҳәм транспорт қаншелли әҳмийетли екенин дүньядағы қурамалы жағдай да көрсетпекте. Сол себепли жөнелислерди диверсификациялаў, жүк ҳәм жолаўшы тасыў процесслерин тезлестириў, транспорт хызметлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў оғада әҳмийетли. Буннан тысқары, мәмлекетимизде экономика, саўда байланыслары да жылдан-жылға раўажланбақта. Халықтың дәраматы, аймақлардың туризм потенциалы артпақта. 2030-жылға барып жалпы ишки өним көлемин 200 миллиард долларға жеткериў мақсети қойылған. Соның ушын транспорт "артерия"ларына әҳмийет бериў дәўир талабы.

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң халықаралық транспорт ҳәм транзит потенциалын арттырыў бағдарында да жаңа жоллар ашылмақта. Стратегиялық әҳмийетке ийе болған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолын қурыў бойынша әмелий жумыслардың басланғаны бул пикирди айқын тастыйықлайды.

2024-жыл 27-декабрь күни Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан жаңа магистраль темир жолының қурылысына старт берилди. Усы мүнәсибет пенен Президентимиз Шавкат Мирзиёев илаж қатнасыўшыларына жоллаған мүрәжатында халықаралық әҳмийетке ийе жаңа транспорт артериясы жаратылып атырғаны, бул мәмлекетлердиң экономикасы ҳәм шексиз регионымыз ушын үлкен нәтийже беретуғынын айрықша атап өтти.

Буннан алты ай бурын усы стратегиялық трансрегионаллық жойбарды әмелге асырыў бойынша биринши толық келисимге қол қойылған еди. Өткен қысқа дәўирде техникалық ҳүжжетлерди таярлаў жумыслары жуўмақланды. Бул үш қоңсы мәмлекет дерлик 30 жыл даўамында умтылып келген шын мәнисиндеги тарийхый ҳақыйқатлық есапланады. Жаңа транспорт артериясы Орайлық Азия регионын Қытай менен қысқа жер үсти жолы арқалы байланыстырады, мәмлекетлеримиздиң көп қырлы бирге ислесиўин және де кеңейтиў ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўге хызмет етеди. Көпир ўазыйпасын атқарып, бирге ислесиўши мәмлекетлер арасында узақ мүддетли турақлылықты кепиллейди.

Бул темир жол жойбары регион мәмлекетлери арасында транспорт-коммуникация байланысларын жаңа басқышқа алып шығады. Бир тәрептен, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Қытай арасындағы логистика шынжырын кескин қысқартыў, жүк тасыў қәрежетлерин азайтыў ҳәм транзит мүддетин оптималластырыў имканияты жаратылады.

Екинши тәрептен, пүткил Орайлық Азияда бар болған транзит жолларына альтернатив болған жаңа жөнелис пайда болады. Бул тек ғана регион ишиндеги экономикалық байланысларды беккемлеп қоймастан, ал Европа ҳәм Азия арасындағы халықаралық транспорт жолларына да унамлы тәсир көрсетеди. Нәтийжеде Орайлық Азия регионының глобал саўда тармақларындағы орны артады, бәсекиге шыдамлылық күшейеди.

Атап айтқанда, "Бир мәкан, бир жол" басламасы шеңберинде мултимодал транспорт коридорларын раўажландырыўда және бир беккем тийкар жаратылады, бул болса халықаралық экономикалық ҳәм геосиясий интеграцияны күшейтеди. Бул темир жолдың халықтың турмыс тәризине тәсири ҳаққында тоқтап өтсек, оның иске қосылыўы менен жүк тасыў қәрежетлери сезилерли дәрежеде азаяды. Нәтийжеде импорт етилетуғын товарлардың баҳасы арзанласыўы, жергиликли өндирис ушын шийки зат ҳәм комплектлеўши бөлеклердиң өз ўақтында ҳәм арзан жетип келиўи тәмийинленеди. Темир жол әтирапындағы инфраструктура, логистика орайлары, шегара постлары, хызмет көрсетиў тармақларының раўажланыўы себепли мыңлаған жаңа жумыс орынлары пайда болады. Бул болса халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырады.

Қашғар - Торугарт - Макмал - Жалалабад - Әндижан жөнелиси бойынша 20 станция, 42 көпир, 25 тоннель қурылады. Буннан тысқары, заманагөй транзит-логистика инфраструктурасы, қоймахана ҳәм терминаллар қурылады. Есап-санақларға бола, бул магистраль жолдың иске қосылыўы регионаллық саўда ҳәм инвестициялар көлемин бир неше есеге көбейтиў, транспорт қәрежетлерин сезилерли дәрежеде қысқартыў, Орайлық Азияның үлкен транзит потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет етеди.

Бул жол арқалы жылына 15 миллион тонна жүк тасылады. Қытайдан Европа мәмлекетлерине жүклерди жеткерип бериў аралығы ҳәм мүддети бир неше мың километр ҳәм кеминде бир ҳәптеге қысқарады. Жолаўшыларды турақлы тасыўды жолға қойыў имканияты пайда болады.

Келешекте болса бул темир жол линиясы Трансаўған коридоры менен тутасып, Қытай, Орайлық Азия ҳәм Қубла Азия арасындағы транспорт-коммуникация тармақларын нәтийжели бирлестириў ҳәм күшейтиўге имканият жаратады. Буннан, әлбетте, барлық мәмлекетлер экономикалық пайда алады. Әлбетте, бул жойбар Уллы Жипек жолының қайта тиклениўине, мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың раўажланыўына, халықларымыздың және де жақынласыўына хызмет етеди. Өз-ара товар алмасыў көлеми ҳәм санаат кооперациясы көлеми, инвестициялық тартымлылық өсип, мәмлекетлердиң абаданлығы артады.

Президентимиздиң атап өткениндей, жаңа темир жол ең ири саўда шеригимиз болған Қытай менен экономикалық бирге ислесиўди кеңейтип, мәмлекетлер арасындағы дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын тереңлестириўге хызмет етеди. Ол Қытайды регион менен байланыстыратуғын ең қысқа қурғақлық жолына айланады. Улыўма алғанда, системадағы реформалар мине усындай ири жойбарларды әмелге асырыўға беккем тийкар жаратпақта.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлар ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик статусында. Транспорт-коммуникация тараўындағы бирге ислесиў болса еки мәмлекет сиясий мәплериниң тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин арасындағы турақлы ушырасыўлар ҳәм жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер бул жойбардың жедел басланыўында әҳмийетли фактор болды. Бизге белгили, Қытай өзиниң ири инвестициялық жойбарлары ҳәм финанс институтлары арқалы инфраструктура қурылысына салмақлы қаржы киргизиўге таяр. Өзбекстан ҳәм регион мәмлекетлери бундай инвестицияларды тартыў арқалы тек темир жол емес, ал автомобиль жоллары, энергетика объектлери, логистика орайларын раўажландырыўы мүмкин.

Қытай инфраструктура қурылысы бағдарында үлкен тәжирийбе арттырған. Заманагөй технологияларды енгизиў, қурылыс материалларын стандартластырыў ҳәм сапасын арттырыў бойынша бирге ислесиў себепли Өзбекстанда да жоқары маманлықтағы қәнигелердиң саны көбейеди, қурылыс тараўындағы инновациялық көзқараслар күшейеди.

Орайлық Азия мәмлекетлери өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў арқалы ири өндирис ҳәм логистика кластерлерин жарата алады. Мәселен, Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы әтирапында транспорт-логистика хабларын жаратыў регионаллық кластерлер арасындағы экономикалық байланыс ағымын кескин арттырады. Транспорт жолларының өз-ара байланыслылығы тек ғана экономикалық емес, ал сиясий ҳәм социаллық турақлылықты да тәмийинлейди.

Регион мәмлекетлериниң бирге ислесиўи күшейсе, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў бойынша жаңа механизмлер ислеп шығылыўы мүмкин болады, соның ишинде, бажыхана, шегарашылар ҳәм қадағалаў уйымлары арасында өз-ара исеним беккемленеди.

Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолының иске қосылыўы тек ғана транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырып қоймастан, ал регионаллық интеграция процесслерин жеделлестиреди, халықтың абаданлығына унамлы тәсир көрсетеди ҳәм Өзбекстанның Қытай менен еки тәреплеме бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығады. Бул бағдарда ерисилетуғын барлық жетискенликлер келешек әўладларға да үлкен пайда келтиретуғынына гүман жоқ. Келешекте бул жол перспективалы Трансаўған коридоры арқалы Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлериниң кең базарларына шығыў имканиятын береди, транзит потенциалын ҳәм регионлараралық өз-ара байланысты сезилерли дәрежеде арттырады.

Бул жол Қытай ушын да Орайлық Азия ҳәм Жақын Шығысты байланыстыратуғын ең перспективалы, ең қысқа жол. Ҳәзир Қытай өз жүклерин Европаға Қытай - Монголия - Россия - Беларус - Европа Аўқамы (8650 километр), Қытай - Қазақстан - Каспий теңизи - Әзербайжан - Грузия - Түркия - Европа Аўқамы (9120 километр), Қытай - Қазақстан - Түркменстан - Иран - Түркия - Европа Аўқамы (10170 километр), Қытай - Европа Аўқамы теңиз жолы (10 мың километрден аслам) арқалы жибермекте. Жаңа Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы алдыннан бар болған Түркменстан - Иран - Түркия ҳәм Европа Аўқамы жөнелисинде даўам етиўи, аралықты 900 километрге, жүктиң жолдағы ўақтын бир ҳәптеге қысқартыўы мүмкин. Қалаберсе, ҳәзирги ўақытта мәмлекетлер арасында даўам етип атырған ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар халықаралық жүк тасыўшыларды жаңа жөнелислерди излеўге ийтермеледи.

Жүк тасыўда Орайлық Азия жөнелисиниң абзаллығы ҳаққында барған сайын көп айтыла басланды. Бул кең көлемли жойбарды әмелге асырыў ушын Өзбекстан аймағында барлық зәрүр инфраструктура жаратылған. Буннан тысқары, мәмлекетимиз заманагөй темир ҳәм автомобиль жолларының миллий тармағын кеңейтпекте, жүклерди қайта ислеў ҳәм тасыў процесслерин жеделлестириў мақсетинде санлы технологияларды жедел енгизбекте. Узақ мүддетли улыўма мәплеримизге жуўап беретуғын "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы стратегиялық жойбары дослық ҳәм шериклик қатнасықларымызды беккемлеў, мәмлекетлеримиз, халықларымыздың абаданлығы ҳәм раўажланыўына үлкен пайда келтиретуғыны сөзсиз.

Бул жол жоқарыда айтқанымыздай, бизге Трансаўған коридоры арқалы Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлериниң кең базарларына шығыў имканиятын береди.

Қубла Азия географиялық жақтан Орайлық Азияға оғада жақын. Мәселен, Термиз қаласынан Пакистанның Карачи портына шекем тек ғана 660 километр жолды басып өтиў жеткиликли. Бул ҳәтте мәмлекеттеги бир қаладан екинши қалаға шекемги аралықтан да кем. Усы көзқарастан, Мозори-Шариф - Қабул - Пешовар жөнелиси Орайлық Азиядан Ҳинд океанына алып баратуғын ең қысқа жол екенин атап өтиў орынлы. Теңиз портларына шығыў ҳәм бул бойынша қолайлы транспорт коридорларын жаратыў Өзбекстан ушын стратегиялық ўазыйпа. Онысыз дүнья менен саўда-сатық ислеўимиз, миллий өнимлердиң арзанлығын тәмийинлеўимиз, экспорт потенциалымызды арттырып, экономикалық раўажланыўға қарай илгерилеўимиз мүмкин емес.

Пакистан менен байланысларды беккемлеў тийкарында мәмлекетимиз және бир ири транспорт-логистика жойбары - Пешаўарға алып баратуғын Трансаўған темир жолының қурылысына бас қосыўы күтилмекте. Себеби буның артында, бәринен бурын, экономикалық мәп жатыр. Қубла Азия регионы менен жақынласыўымыздың тийкарғы себеби де сонда.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 23-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы сессиясында алға қойған БМШ жәрдеминде Транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў бойынша Регионаллық орайды шөлкемлестириў ҳаққындағы басламасы Орайлық Азия регионында транспорт-коммуникация тараўын раўажландырыў ҳәм бул бағдардағы машқалалардың нәтийжели шешимин табыўға қаратылған.

Бүгинги күнде Орайлық Азия мәмлекетлери транспорт-коммуникация системаларын раўажландырыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында көрмекте. Бул бағдарда бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында ҳаўа қатнаўы ҳәм Ғалаба - Амузанг - Хушади темир жолы тикленди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстанның ис-ҳәрекетлери менен Әмиўдәрья арқалы өтетуғын Түркменабад - Фороб жаңа темир жол ҳәм автомобиль көпирлери ашылды. Бул көпирлер Өзбекстан - Түркменстан - Иран - Оман транспорт-транзит жөнелисиниң әҳмийетли буўыны болып есапланады. Бул жол жүк тасыў көлемин 2,5 есеге арттырыў имканиятын берди. Әмиўдәрья арқалы өтетуғын көпирлер жүк ағымларын Азия ҳәм Тыныш океаны регионы, Қубла Азия мәмлекетлеринен Каспий теңизи, оннан кейин Қара теңиз ҳәм Жер Орта теңизи регионы, Европа, Кавказ арты, Жақын ҳәм Орта Шығыс мәмлекетлерине тиккелей алып шығыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, бул көпирлер Өзбекстан - Түркменстан - Иран - Оман транспорт-транзит жөнелисиниң әҳмийетли буўыны есапланады. Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында автобус жөнелислери, тезжүрер темир жол байланыслары иске қосылды. Қырғызстан менен Орайлық Азиядан Қытайға тиккелей шығатуғын Ташкент - Әндижан - Ош - Иркештам - Қашғар автомобиль жолы бойынша биринши мәрте қатнаў жолға қойылды. Бул жойбарлар Орайлық Азияның басқа сырт мәмлекетлер менен саўда-экономикалық қатнасықларын кеңейтиўге жәрдемлеседи.

Исмоил САИФНАЗАРОВ,

философия илимлери докторы,

профессор