баннер
22 Mar 2025
01:33

    Транспорт университети студенти Камола Ирисқулова Транспорт министриниң жәрдемшиси етип тайынланды

    19 Fevral 2025 653

    Транспорт министриниң тийисли буйрығы менен 2025-жыл 18-февральдан Ирисқулова Камола Нормат қызы Министрдиң жол хожалығы тараўында илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша жәрдемшиси лаўазымына тайынланды.

    Транспорт министри Илҳом Махкамов Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң студенти, "Зулфия" атындағы мәмлекетлик сыйлықтың, Президент ҳәм Беруний атындағы мәмлекетлик стипендиялардың ийеси Камала Ирисқулова менен ушырасты.

    Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң транспорт системасында 132 мыңнан аслам хызметкер жумыс ислейди. Соннан 33 мыңнан асламын болса жаслар қурайды. Ушырасыўда Илҳам Махкамов елимизде жасларға қаратылып атырған итибар, олардың өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған шараятларға айрықша тоқтап өтти.

    Мәмлекетимиз транспорт системасының раўажланыўы ҳәм келешеги де тиккелей Камола Ирисқулова сыяқлы қәбилетли ҳәм потенциаллы жас ул-қызларымыздың қолында екенин атап өтти министр.

    Усы жылдың 14-февраль күни ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев жаслар менен өткерген ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында Камола Ирисқуловаға жоқары исеним билдирип, автомобиль жоллары тараўын раўажландырыў бағдарындағы илимий жумысына табыслар тилеген еди.

    Транспорт министриниң тийисли буйрығы менен 2025-жыл 18-февральдан Ирисқулова Камола Нормат қызы Министрдиң жол хожалығы тараўында илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша жәрдемшиси лаўазымына тайынланды.

    Тайынлаўға шекем К.Ирисқулова Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети Автомобиль жоллары илимий-изертлеў институты бас илимий хызметкери лаўазымында жумыс алып барған.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech