Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстанда Trenkwalder Group компаниясының БПО ҳәм бэк-офис
операцияларын жолға қойыў перспективалары, жойбарды әмелге асырыў бойынша
кейинги қәдемлер, сондай-ақ, глобал бизнес хызметлери (Global Business Services, GBS)
тараўында узақ мүддетли бирге ислесиў имканиятларын додалады.
1985-жылы шөлкемлестирилген Trenkwalder Group Европаның жетекши
кадрлар хызметлери ҳәм бизнес процесслери аутсорсинги (БПО) тәмийнатшыларынан
бири есапланады. Компания Европаның 16 мәмлекетинде жумыс алып барады, 200 ге
шамалас офислерге ийе, 20 мыңнан аслам хызметкерди бирлестиреди, жыллық
айланысы болса 700 миллион евродан асады. Trenkwalder Австрия ҳәм Венгрияның
кадрлар хызметлери базарында жетекши орынларды ийелейди, Droege Group халықаралық инвестициялық
топарының бир бөлеги есапланады.
Ушырасыў даўамында Trenkwalder Group ўәкиллери Өзбекстанды
халықаралық қарыйдарларға хызмет көрсетиўге бағдарланған хызметкерлерди таңлаў,
сондай-ақ, аутсорсинг орайлары ҳәм бэк-офис хызметлерин жайластырыў ушын
потенциал майдан сыпатында көрип атырғанын мәлим етти. Биринши басқышта
компания кейин ала бизнести кеңейтиў ушын 100 қәнигеден ибарат команданы
қәлиплестириў имканиятын үйренбекте.
Өз гезегинде, IT Park Uzbekistan жәмәәти экспортқа
бағдарланған хызмет көрсетиў орайларын раўажландырыў ушын мәмлекеттиң
абзаллықлары, соның ишинде, маман кадрлардың бар екенлиги, мәмлекет тәрепинен
қоллап-қуўатлаўдың әмелдеги илажлары ҳәм халықаралық компаниялар ушын
жаратылған қолайлы шараятлар менен таныстырды. Тәреплер операциялық жумысты
шөлкемлестириў, БПО бағдарын раўажландырыў ҳәм компанияның Өзбекстан базарына
кириў жол картасын таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Trenkwalder Group
операцияларының жолға қойылыўы глобал бизнес-хызметлер тараўындағы ири
халықаралық ойыншыларды Өзбекстанға тартыўда гезектеги қәдем болады. Жойбардың
әмелге асырылыўы жаңа жоқары маманлықтағы жумыс орынларын жаратыў,
БПО-хызметлериниң експортын арттырыў, мәмлекеттиң HR ҳәм аутсорсинг тараўында Европаның
жетекши компаниялары менен бирге ислесиўин беккемлеўге хызмет етеди.