Жәҳән чемпионаты Халықаралық әскерий спорт кеңеси (CISM) басшылығында Қорғаныў министрлиги, Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан триатлон федерациясы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди, делинеди Қорғаныў министрлигиниң мағлыўматында.
Спортшылар 3 категорияда - жеке, командалық (MIX) ҳәм жасы үлкенлер (Senior) арасындағы беллесиўлерде медаллар топламы (жеке ҳәм топар беллесиўлери) ушын күш сынасты.
Профессионал ҳәм жасы үлкен спортшылар арасында өткерилген жеке беллесиўлерде спортшылар ашық суў бассейнинде 750 метр аралыққа жүзиў, халықаралық талапқа жуўап беретуғын жөнелисте 19 километр аралыққа велосипедте жүриўи ҳәм тарийхый орайда шөлкемлестирилген трассалар бойлап 5 километр аралыққа жуўырыўды әмелге асырды.
Жарыстың улыўма нәтийжелерине бола, биринши орын Франция Республикасы сайланды командасына, екинши орын Россия Федерациясы командасына, үшинши орын болса Өзбекстан Республикасы сайланды командасына несип етти.
Қатнасыўшылар мүнәсип сыйлықланды.