Алтын баҳасы 4690 долларға шекем көтерилди.

Алтын ҳәм гүмистиң жәҳәндеги баҳасы жаңа шеклерге шықты АҚШ президенти Дональд Трамп Германия ҳәм Европаның және жети мәмлекетине Гренландия бойынша позициясы себепли 10 процентлик саўда бажыларын енгизиў ҳаққындағы жаңа мәлимлемелеринен кейин алтын ҳәм гүмистиң жәҳәндеги баҳасы жаңа шеклерге шықты. 19-январь, дүйшемби күни азанда Азия фонд базарларында биржа ҳәптелиги басланғаннан соң, сескениў дәўиринде тийкарғы актив болған алтын баҳасы 4690,59 долларға, гүмис баҳасы болса 94,12 долларға шекем көтерилди.

Бир ўақыттың өзинде саўда урысы басланыўы мүмкинлиги ҳаққындағы жаңа қәўетерлер фонында акция базарларының көпшилиги түсип кетти. Японияның Nikkei акциясы 1,4 процентке, Азия-Тыныш океаны регионы акцияларының Япониядан тысқарыдағы ең кең MSCI индекси болса 0,3 процентке төменледи. Доллар курсы ийена ҳәм швейцариялық франкке салыстырғанда төменледи, евро ҳәм фунт стерлинг көтерилди, нефть баҳасы болса өз орнында қалды, деп жазбақта dw.com.