Салтанатлы тапсырыў мәресими Гиннестиң рекордлар китабының рәсмий ўәкили - судья Шейда Субаси қатнасыўында өткерилип, ол Орайдың барлық халықаралық критерия ҳәм стандартларға сәйкес екенлигин тастыйықлады.
Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң баслы жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли илимий-билимлендириў ҳәм музей комплекси болып есапланады. Оның басламасы менен Орай илимий потенциал, мәдений мийрас ҳәм заманагөй технологияларды өзинде жәмлеген "Жаңа Өзбекстан"ның өзине тән платформасы сыпатында жаратылды.
Жойбар мәмлекеттиң жаңа гуманитарлық көринисин қәлиплестириў, миллий өзлигимизди беккемлеў ҳәм Өзбекстанды ислам цивилизациясының дүньядағы тийкарғы орайларынан бири сыпатында алға қойыў бойынша узақ мүддетли көзқарасты сәўлелендиреди.
Бүгинги күнде Орай аймақтағы ең көп қатнайтуғын мәдений-илимий орынлардан бирине айланған - бул жерге ҳәр күни 5 мыңға шекем халық ҳәм сырт ел мийманларының жоқары қызығыўшылығын тастыйықлайды.
Орайдың экспозициясы "цивилизация - шахс - ашылыўлар" принципи тийкарында қурылған болып, аймақтың раўажланыў басқышларын - ең әемги мәдениятлардан баслап, илимниң раўажланыўы ҳәм ҳәзирги заман дәўирине шекем избе-из ашып бериў имканиятын береди.
Ең әййемги қолжазба нусқалардан бири - ЮНЕСКОның "Дүнья естелиги" реестрине киргизилген Халифа Усман Қураны сақланатуғын Қураны кәрим залы айрықша орын ийелейди. Бул экспонат ислам цивилизациясының бийбаҳа естелиги ҳәм регион руўхый мийрасының әҳмийетли белгиси болып есапланады.
Музей коллекциясын қәлиплестириўде археология, нумизматика, тоқымашылық ҳәм қолжазба мийрасы тараўындағы жетекши халықаралық қәнигелер қатнасқаны комплекстиң жоқары илимий ҳәм экспозициялық дәрежесин тәмийинледи.
Гиннестиң рекордлар китабын алыў ҳүжжетлерди таярлаў, комплекс параметрлерин тастыйықлаў ҳәм ғәрезсиз қәнигелердиң қатнасыўында халықаралық экспертизадан өткериўди өз ишине алған бир неше айлық жумыс нәтийжеси болды.
Судя Шейда Субаси төмендегилерди атап өтти:
- Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы тарийхый мийрас ҳәм заманагөй музей технологияларының өз-ара үнлеслигине байланыслы сийрек ушырасатуғын үлги болып есапланады. Көлеми, коньцептуаллық пүтинлиги ҳәм әмелге асырылыў дәрежеси Гиннестиң рекордлар китабының өлшемлерине толық сәйкес келеди. Бул тек ғана ең үлкен музей емес, ал мәдениятлар қарым-қатнасы ҳәм билимди келешек әўладқа жеткериў ушын заманагөй платформа болып есапланады.
Рекордтың қойылыўы Өзбекстанның ислам илими, мәденияты ҳәм ағартыўшылығының әҳмийетли тарийхый орайларынан бири, сондай-ақ, халықаралық мәдений сөйлесиў ушын заманагөй майдан сыпатындағы ролин көрсетеди.
Ислам цивилизациясы орайы халықаралық илимий-мәдений платформа сыпатында раўажланыўда даўам етеди ҳәм "Жаңа Өзбекстан"ның гуманитарлық басламаларын глобал көлемде алға қойыўда әҳмийетли драйверге айланады.