Семинар ислам көркем өнери, тарийхы ҳәм филологиясы тараўының жетекши қәнигелерин бирлестирип, каллиграфия көркем өнериниң руўхый ҳәм мәдений әҳмийетин ҳәр тәреплеме додалаў ушын әҳмийетли майданға айланды.

- Ислам цивилизациясы орайы жанында Каллиграфия мектебин ашыў басламасы 2025-жыл 29-январьда ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған еди. Арадан бир жыл өткеннен соң бул баслама халықаралық шөлкемлер тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды, темурийлер цивилизациясына бағышланған конференция шеңберинде бул жойбарға рәсмий түрде старт берилди. Каллиграфия мектебиниң шөлкемлестирилиўи елимиздиң мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған кең көлемли реформалардың логикалық даўамы болып есапланады,-деди Фирдавс Абдухолиқов илаж қатнасыўшылары алдында шығып сөйлеген сөзинде.

Атап өтилгениндей, Темурийлер дәўиринде каллиграфия ең жоқары раўажланыў дәрежесине көтерилди ҳәм мәдений раўажланыўдың белгиси болды. Илимпазлар тәрепинен келтирилген мағлыўматларға қарағанда, Әмир Темур орайласқан мәмлекет дүзгеннен кейин пайтахтқа ҳәр қыйлы үлкелерден ең жақсы каллиграфларды топлаған. Сулс, настәлиқ, куфи сыяқлы жазыў түрлери өз раўажланыўына ерискен.

Белгили шығармалар, атап айтқанда, Қуранның белгили "Бойсунғур" қолжазбасы жаратылды.

Халықаралық экспертлер бул басламаны жоқары баҳалады. Атап айтқанда, IRCICA бас директоры Маҳмуд Эрол Қылыч ислам хаттотлығының дүня мәдениятындағы орнын, оның жоқары эстетикалық ҳәм руўхый қәдирин атап өтти. Түркия қолжазбалар басқармасының баслығы Жошкун Йылмаз Сулаймония китапханасында сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбалар ҳаққында мағлыўмат берип, олардың үлкен бөлеги Орайлық Азия тарийхына байланыслы екенин атап өтти. "Ал-Фурқон" ислам мийрасы қорының директоры Сали Шоҳсуварий (Уллы Британия) Темурийлер дәўирин ҳақыйқый интеллектуаллық ҳәм мәдений ояныў дәўири сыпатында баҳалады.

Каллиграфия мектеби тек ғана билимлендириў мәкемеси емес, ал илимий-изертлеў ҳәм мәдений орай сыпатында да жумыс алып баратуғыны атап өтилди. Оның шеңберинде қәнигелер таярлаў, қолжазба мийрасларын сақлаў ҳәм реставрациялаў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў нәзерде тутылған.