Салыстырмалы қатаң пул-кредит шәртлери инфляция басымы ҳәм инфляциялық күтиўлердиң әсте-ақырын азайыўына хызмет етпекте. Соның менен бирге, экономикада турақлы жалпы тутыныў талабы, усыныс факторлары, сондай-ақ, хызметлер тараўында баҳалардың жоқары динамикасына байланыслы белгили бир инфляциялық қәўип-қәтерлер сақланып қалмақта. Қабыл етилген қарар орта мүддетли келешекте инфляцияның турақлы азайыўына ерисиўге қаратылған.
Ноябрь айында да инфляцияның төменлеў тенденциясы даўам етти ҳәм оның жыллық көрсеткиши 7,5 процентти қурады. Бунда тийкарғы үлес салыстырмалы қатаң пул-кредит шараятлары ҳәм валюта алмасыў курсының беккемлениўи тәсиринде базалық инфляцияның төменлеўи болды. Атап айтқанда, базалық инфляция ноябрь айында жыллық есапта 6,3 процентке шекем төменледи. Импорт баҳалары азық-аўқат емес товарлар инфляциясын турақластырыўға хызмет етти.
Онда, хызметлер тараўындағы инфляция бир қанша пәсейиўине қарамастан, талап факторлары есабынан улыўма инфляция дәрежесинен жоқары болып қалмақта.
Ноябрь айында халық ҳәм исбилерменлердиң инфляциялық күтилмелери төменлеўде даўам етти.
Жоқарыдағы факторларды есапқа алған ҳалда, 2025-жылдың жуўмағы бойынша улыўма инфляция 7,3 процент әтирапында болыўы күтилмекте. Онда, инфляция прогнозының төменлеў тәрепине қайта көрип шығылыўы миллий валютаның алдынғы баҳалаўларға салыстырғанда салыстырмалы жоқары дәрежеде беккемлениўиниң қәлиплесиўи есабынан импорт инфляциясы ҳәм инфляциялық күтилмелерге күтилгенинен күшлирек төменлетиўши тәсир көрсетиўи менен байланыслы.
Жаңаланған прогнозларға бола, 2026-жылдың ақырына шекем инфляция дәрежеси 6,5 процент әтирапында болыўы күтилмекте.
Экономикалық белсендилик жоқары дәрежеде сақланып, потенциалдан жоқары өсиў пәтлерин қәлиплестиреди. Мийнет базарында талап артып атырғаны, саўда ҳәм төлемли хызметлерден түсимлер, банклераралық транзакциялар көлеми артып атырғаны буны дәлиллейди. Бүгинги күндеги экономикалық ҳәм инвестициялық жеделлик фонында жылдың жуўмағы бойынша экономикалық өсиў пәтлери 7-7,5 процент әтирапында болыўы күтилмекте.
Ҳәзирги инфляция пәтиниң төменлеўи менен бир қатарда, келешектеги усыныс факторлары менен байланыслы белгили қәўип-қәтерлер сақланып қалмақта. Атап айтқанда, айырым тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң усынысы менен байланыслы қәўип-қәтерлер, соңғы айларда транспорт хызметлери баҳаларының артыўы, сондай-ақ, тәртипке салынатуғын баҳалардың индекслениўи себепли екилемши тәсирлер солардың қатарына киреди.
Финанслық шараятлар ҳәм фискал стимуллардың әсте-ақырын жумсартылыўы фонында жәҳән экономикасы күтилгенинен жоқары пәтлерде өспекте. Соның менен бирге, халықаралық шийки зат базарларында жоқары баҳалар конюнктурасы сақланып қалмақта. Бул елимиздиң экспорт түсимин буннан былай да қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Қолайлы сыртқы шараятлар реал нәтийжели валюта курсын өзиниң узақ мүддетли тең салмақлы трендине жақын болған дәрежеде қәлиплестириўге хызмет етеди.
Ишки финанс базарында номинал процент ставкаларының салыстырмалы турақлы динамикасы фонында инфляция ҳәм инфляциялық күтилмелердиң төменлеўи реал процент ставкаларының жоқары дәрежеде қәлиплесиўине хызмет етпекте ҳәм миллий валютадағы қаржыларды жыйнаўды хошаметлемекте. Бул мүддетли депозитлердиң жоқары өсиў пәтлеринде өз көринисин таппақта.
Соның менен бирге, финанслық инклюзивликтиң артыўы есабынан усақлап сатыў кредитлериниң жоқары пәтлерин сақлап қалыў, жоқары тутыныў белсендилигин сәўлелендирип, келешекте жалпы талапты қоллап-қуўатлаў арқалы инфляцияға жоқары басымды күшейтиўи мүмкин.
Бундай шараятта инфляцияның төменлеўин турақлы даўам еттириў ҳәм инфляцияға қарсы қәўип-қәтерлерди минималластырыў мақсетинде тийкарғы ставканы өзгериссиз, жыллық 14 процент муғдарында сақлап қалыў бойынша қарар қабыл етилди.
Орайлық банк инфляцияның 5 процентлик мақсетли көрсеткишине ерисиў ушын жетерли болған пул-кредит шәртлериниң қатаңлығын тәмийинлейди. Онда инфляция динамикасына ҳәм инфляциялық қәўип-қәтерлер балансына қарап пул-кредит шәртлери қайта көрип шығылыўы мүмкин.
Орайлық банк Басқармасының тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша гезектеги мәжилиси 2026-жыл 28-январьға белгиленген.








