Бир тәрептен, адамзат тарийхында биринши мәрте жасалма интеллект қарар қабыл ететуғын, санаат системалары толық санлы басқарыўға өтип атырған, космослық технологиялар галактика шегарасына шекем жеткен дәўир қәлиплести. Инсан мийнетиниң өнимдарлығы, мағлыўмат айланысы тезлиги ҳәм экономикалық процесслерди моделлестириў имканиятлары ҳеш қашан бул дәрежеге жетпеген. Раўажланыў сыртқы көринисте жетилискен система сыяқлы көринбекте.
Бирақ, әйне усы система ишинде сезилмей атырған, бирақ тәсири күшейип атырған ишки шеклеўлер пайда болмақта. Суў ресурслары азаймақта, жердиң өнимдарлығы төменлемекте, музлықлар тезирек ерип атыр. Бурын илимий есабатлар ҳәм узақ мүддетли болжаўлар шеңберинде додаланған бул процесслер бүгин экономикалық қарарлар ушын тиккелей шеклеўге айланды. Айырым аймақларда суў жетиспеўшилиги өндирис қуўатлылығын белгилеп бермекте, басқаларында болса аўыл хожалығы моделин толық қайта көрип шығыўға мәжбүр етпекте.
Ең аўыр машқала сонда, бул процесслер бир-биринен өз алдына емес. Климат өзгериўи, энергия қәўипсизлиги, азық-аўқат базарлары ҳәм геосиясий бәсеки бир ноқатта тутаспақта. Сонлықтан, глобал күн тәртибинде тийкарғы мәселе тек ғана экономикалық өсиў пәти болып қалмастан, ресурслар шекленген шараятта турақлылықты сақлап қалыў имканиятына айланды. Айырым таллаўлар бул басқышты раўажланыўдың сынаў дәўири сыпатында баҳаламақта.
Орайлық Азия бул глобал қарама-қарсылықтың кесилискен ноқатларынан бири. Регион тарийхый суў ағымлары, музлықлар ҳәм жер ресурсларына таянған цивилизациялар мәканы болған. Дәрьялар әтирапында қәлиплескен қалалар ҳәм аўыл хожалығы системасы әсирлер даўамында турақлылық дереги болып келген. Бирақ бүгин әйне усы тәбийғый тийкарлар өзгерис басымы астында қалмақта. Музлықлардың қысқарыўы, шөллениўдиң кеңейиўи, жер өнимдарлығының төменлеўи ҳәм суў жетиспеўшилигиниң күшейиўи айрықша экологиялық жағдай болып қалмастан, экономикалық системаны қайта қәлиплестирип атырған фактор болып есапланады.
Бул процесстиң социаллық ақыбетлери де сезилмекте. Аўыл хожалығындағы турақлылықтың төменлеўи, жумыс орынлары ҳәм дәрамат дәреклерине басым, қалаларға миграция ағымының күшейиўи сыяқлы тенденциялар регионаллық турақлылықты өзгерттирмекте. Экологиялық машқала енди тәбият пенен шекленбеген, ол тиккелей социаллық структураға тәсир етиўши факторға айланған.
Жәҳән банкиниң таллаўларына бола, регионда 37 миллионға шамалас адам суў тамтарыслығы жоқары болған аймақларда жасамақта. 2050-жылға барып бул сан еки есеге артыўы мүмкин. Усы жерде мәселе экологиялық додалаўдан шығып, регионаллық турақлылық, мәмлекетлик сиясат ҳәм экономикалық стратегия дәрежесине көтериледи.
Бундай шараятта экология мәселеси әпиўайы қоршаған орталықты қорғаў шеңберинен шығып кетеди. Ол енди экономикалық турақлылық, социаллық абаданлық ҳәм узақ мүддетли раўажланыўды тиккелей белгилейтуғын факторға айланбақта. Демек, гәп айрықша тараўлық ўазыйпа ҳаққында емес, ал мәмлекеттиң улыўма раўажланыў бағдарын қайта көрип шығыў зәрүрлиги ҳаққында бармақта. Усы мәнисте, елимизде тәбиятты қорғаўға экономикалық өсиўдиң қурамлық бөлеги сыпатында қаралып басланды.
Мәмлекетимиз басшысының жақында Самарқанд қаласында болып өткен Глобал экологиялық қорының сегизинши ассамблеясы қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў жолындағы кең көлемли реформалардың әҳмийети айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, 2030-жылға шекем қорғалатуғын аймақларды республика улыўма аймағының 21 процентине жеткериў мақсети белгиленгени бул бағдардағы стратегиялық қатнастың айқын көриниси болып есапланады.
Бул баслама тек ғана тәбиятты сақлаў емес, ал келешек әўлад ушын саламат экологиялық орталықты сақлап қалыў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады. Себеби қорғалатуғын аймақлар тәбийғый турақлылықты тәмийинлейтуғын, климат турақлылығын қоллап-қуўатлайтуғын ҳәм суў ресурсларының айланысын тәртипке салатуғын өзине тән "жасыл қалқан" ўазыйпасын атқарады. Олар биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў менен бирге, экосистемалардың бузылыўына қарсы тәбийий қорғаў системасы сыпатында да хызмет етеди.
Соның менен бирге, қәнигелер бүгин республика аймағында қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың қысқарыўы ямаса жетерли дәрежеде кеңейтилмеўи климат турақлылығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин екенлигин атап өтпекте. Бул жағдай, өз гезегинде, суў жетиспеўшилиги машқаласының күшейиўине де себеп болыўы итималдан шетте қалмаған.
Бүгин экологиялық машқалалар өз алдына тараў шеңберинде шекленип қалмаған. Олар қалалардың өсиўи, транспорт ҳәрекети ҳәм санаат жеделлиги менен тығыз байланысқан системалы жағдайға айланған. Усы көзқарастан, 2030-жылға шекем ҳаўаға зыянлы шығындыларды 10,5 процент қысқартыў ўазыйпасының қойылғаны бул үш бағдар арасындағы балансты қайта көрип шығыўды талап етеди.
Атмосфера патасланыўын бир дерек пенен түсиндирип болмайды. Ол пүткил системаның жыйынтығы сыпатында қәлиплеседи. Сол себепли шешим де бир-бири менен байланысқан қарарлар арқалы болыўы керек. Болмаса бир тараўдағы унамлы өзгерис басқа тараўдағы басым себепли жоққа шығыўы мүмкин.
Бүгин дүнья көлеминдеги глобал машқалалардан бири шығындылар болып есапланады. Елимизде шығындылардан энергия ислеп шығарыў бағдарында усы жылы 2, келеси еки жылда және 9 заводты иске қосыў режелестирилген. Бул инфраструктура жылына 5,5 миллион тонна шығындыны қайта ислеў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, бул процесс нәтийжесинде атмосфераға шығарылатуғын ыссыхана газлериниң көлеми жылына 1,1 миллион тоннаға азаяды. Бул көрсеткиш шығындыны тек ғана жоқ етиў менен шекленбей, оны экологиялық басымды азайтыўшы ресурс сыпатында қайта баҳалаў бағдары күшейип атырғанын көрсетеди.
Енди инсан ҳәм тәбият арасындағы қатнас "сақлаў" ямаса "пайдаланыў" түсиниклеринен әдеўир кең мәниске ийе болмақта. Адам қай жерде жасамасын, тек орталықтан пайдаланып қоймастан, ал сол орталықты өз ҳәрекетлери менен қайта қәлиплестиреди. Усы мәнисте, экологиялық саўатлылық жуўапкершиликке айланып бармақта.
Елимизде экологиялық билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер өз-ара байланысқан бирден-бир экосистема түринде қайта қурылмақта. Бир ғана мысал, Green University тийкарында 10 илимий-изертлеў орайы ҳәм 14 "жасыл" техникум бирлестирилди. Сондай-ақ, дерлик 2 миллион жасты қамтып алған экологиялық саўатлылықты арттырыў процеси баслап жиберилди. Себеби, жәмийеттиң экологиялық жағдайы тек ғана мәмлекетлик бағдарламалар менен емес, ал адамлардың әпиўайы күнделикли таңлаўлары арқалы да белгиленеди. Экологиялық саўатлылықты раўажландырыў келешекти қурыўда әҳмийетли. Себеби инсан тәбиятқа қандай мүнәсибетте болса, ертең тәбият та оған сондай тәризде жуўап береди.
Аралбойы ҳаққында сөз болғанда, бул аймақ әпиўайы географиялық орын сыпатында көз алдымызға келтирилмейди. Бир әўладтың көз алдында шегинген теңиз, қум астында қалған кемелер ҳәм суўдың орнын басқан шаң боранлары келеди. Бул көринислер ўақыт өтиўи менен тәбияттың ең аўыр сабақларынан бирине айланған. Бүгинги жумыслар жойтылған әне усы көринисти қайтарыўдан көре көбирек оның орнында жаңа турмысты қәлиплестириўге қаратылған.
Аралбойында 2 миллион гектардан аслам қум басқан атыз, суўғарыў системасынан үзилген майданлар ҳәм жыллар даўамында өнимдарлығын жоғалтқан жерлерди қайта тиклеў процесслери бул қатнастың әмелий көриниси болып есапланады. Бул жерде гәп тек ғана тәбиятты тиклеў ҳаққында емес, ал инсан ҳәм тәбият арасындағы үзилип қалған байланысты қайта тиклеў ҳаққында да бармақта.
Соның менен бирге, экологиялық машқалаларды бир аймақ шеңберинде қалдырып болмайтуғыны барған сайын айқын көзге тасланбақта. Суў жетиспеўшилиги, ҳаўа патасланыўы ҳәм жер деградациясы сыяқлы мәселелер шегара таңламайды. Бир аймақта басланған машқала басқа аймақта аўыр ақыбет сыпатында көриниўи мүмкин. Сонлықтан, экологиялық сиясатта бирге ислесиў ҳәм биргеликте ҳәрекет етиў зәрүрлиги күшейип бармақта.
Әне усы зәрүрлик нәтийжесинде “Eco Expo Central Asia” платформасы жолға қойылды. Ол аймақлар ҳәм санаат тармақларындағы экологиялық шақырықларды бир майданда жәмлеп, оларды әмелий шешимлер ҳәм "жасыл" инвестициялар менен байланыстырыўға хызмет етеди.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы