Бул ҳаққында "Дунё" МА хабар бермекте.
Мәлим етилиўинше, Түркиядағы ўатанласымыз жергиликли емлеўханалардан биринде перзентин дүньяға келтирген. Бирақ ана көп өтпей кеселлик себепли қайтыс болған. Соннан кейин, нәресте бир неше жыл даўамында суриялы ҳәм өзбекстанлы ҳаяллар тәрепинен тәрбияланған.
Бир мүддет өткеннен кейин ата-ана қармағынан айырылған бала әжапасына тапсырылған. Бирақ баланың туўылғанлығы бойынша ҳеш қандай ҳүжжети болмағанлығы себепли жас өспирим пуқара сыпатында мәмлекет тәрепинен мәжбүрий түрде Стамбул қаласында жайласқан балалар үйине жайластырылған.
Апасының баласын қәўендер сыпатында өз қарамағына алыў талабы жас өспирим пуқараға байланыслы ҳүжжетлердиң жоқлығы себепли балалар үйи ҳәкимшилиги тәрепинен бийкарланған.
Бас консулхана ҳәм елшихана тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар менен алып барылған бир қатар сөйлесиўлер даўамында, адвокатлар тартылған ҳалда Түркия суды тәрепинен баланың әжапасының қарамағына өткериў бойынша қарар шығарыўға ерисилди.
Машқалалы жағдайлар шешилгеннен соң ўатанласларымыз ушын "Ўатанға қайтыў гүўалығы" Бас консулхана тәрепинен рәсмийлестирип берилди ҳәм олар Өзбекстанға қайтарылды.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги ўәкиллери ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм әжапасының қолына өткен балаға жасаўы, тәлим-тәрбиясы ҳәм оның мәплери нызамшылық шеңберинде, белгиленген тәртипте тәмийинленетуғынын мәлим етти.