Ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлерди ҳәр тәреплеме қорғаў, шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеўде халықаралық стандартларды елимиз нызамшылығына имплементациялаў, бул стандартларға әмел етилиўин қадағалаўдың әмелий механизмлери жолға қойылмақта. Соның ишинде, кейинги жыллары шаңарақлық қатнасықларды тәртипке салыўшы 20 нызам, Өзбекстан Президентиниң 32 пәрман ҳәм қарары, Министрлер Кабинетиниң 45 қарары қабыл етилди.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 3-марттағы "Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў және оларға болған басым өткериў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар ҳаққында"ғы пәрманы да бул бағдарда қойылған және бир салмақлы қәдем болды.
Пәрманда белгиленген биринши мақсет неке жасына жетпеген шахс пенен ҳақыйқый неке қатнасықларына кириў жағдайлары, яғный ерте некелердиң алдын алыўға ерисиў, ата-аналардың өзлериниң ержетпеген перзентлери ушын жуўапкершилигин буннан былай да арттырыўдан ибарат.
Ҳақыйқатында да, бүгин ерте некелер жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған әҳмийетли машқалалардан бири болып қалмақта. Бул иллетти жоқ етиў балалар, әсиресе, қызлардың денсаўлығы, ҳуқықлары ҳәм келешегин қорғаў ушын зәрүр. Себеби бундай жағдайлар жас өспиримлерди зорлық қәўпине дуўшар етеди, билимлендириўдиң ерте тоқтаўына алып келеди. Ҳәмиледарлық ҳәм туўыўдағы асқыныўлар болса жас өспирим келинлердиң өлиминиң тийкарғы себеби болып есапланады.
Статистикалық мағлыўматлар да пикиримизди тастыйықлайды. Атап айтқанда, 2020-2024-жыллар даўамында республика бойынша некеден ажырасыўлар саны 59,9 процентке артқан. Олардың салмақлы бөлегине ерте некелер, жаслардың шаңарақлық турмысқа таяр емеслиги себеп болмақта.
Егер 2024-жылғы мағлыўматларға тереңирек қарап, ерте некелерди таллайтуғын болсақ, район (қала) ҳәкимлериниң қарарлары тийкарында 391 жағдайда неке жасы қысқартылған, олардың 146 сында ақылға уғрас себеплер келтирилмеген.
Ҳәкимлердиң қарарларын таллаўда некелениўши шахслар ямаса олардың туўысқанларының кеселлиги, той мәресимин өткериў күни белгилеп қойылғаны, кем тәмийинленген шаңарақтың перзенти екенлиги ҳәм басқа да себеплер менен неке жасы қысқартылғаны мәлим болды. Көрип турғанымыздай, жаслардың ерк-ықрары ҳәм тилеклерине бул себеплердиң улыўма байланысы жоқ. Қалаберди, айырым пуқаралар қызын ержетпестен турмысқа берип, кейин ала ол 18 жасқа толғанда некеден өтиў ушын ПҲАЖ бөлимине мүрәжат етиў жағдайлары да бақланбақта. Атап айтқанда, 2020-2024-жыллары ПҲАЖ бөлимлерине 18 жасқа толып некеден өтиў ушын мүрәжат еткен ҳаял-қызлардың 1 637 инде некеге шекемги дәўирде туўылған перзентлери бар екенлиги анықланған.
Бул мағлыўматлар Олий Мажлис Сенатының Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети тәрепинен Бас министрдиң орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығына жиберилген парламентлик сораўды таярлаў процесинде топланды. Атап айтқанда, таллаўлар процесинде неке жасы ҳаққындағы нызамшылық ҳәм неке дүзиў тәртибин бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар жылдан-жылға артып баратырғаны анықланды.
Соның ишинде, 2024-жылы 331 шахс неке жасы ҳаққындағы нызамшылық ямаса неке дүзиў тәртибин бузғаны ушын жуўапкершиликке тартылған, бул көрсеткиш 2023-жылдағыға салыстырғанда 6 есеге өскен. Неке жасына жетпеген шахс пенен неке қатнасықларына кирискен жағдайлар 35 процент, ержетпеген перзентин турмысқа берген ямаса үйлендирип қойған жағдайлар 70 процентке артқан.
Соны есапқа алған ҳалда пәрманда жаслардың өз өмир жолын саналы түрде белгилеўине жәрдемлесиў, сондай-ақ, неке шәртнамасын дүзиўди хошаметлеўдиң анық илажлары белгиленди. Атап айтқанда, 2027-жылдан баслап ҳәр еки тәреп кеминде 21 жасқа толғанда биринши бир мәрте некелескен жас шаңарақлар ушын мәмлекет тәрепинен қосымша жеңиллик ҳәм басқа да түрдеги қоллап-қуўатлаў илажлары усынылады. Бул жүдә әҳмийетли. Себеби бул илажлар жасларға ерте турмыс қурыўдан гөре билим алыў, кәсипте раўажланыў ҳәм шаңарақлық турмысқа психологиялық жақтан таяр болыўға жәрдем береди.
Неке шәртнамасын қатнасықларды рәсмийлестириўдиң әдеттеги стандарты сыпатында ғалаба ен жайдырыў болса мүлклик қатнасықлардың юридикалық ашық-айдынлығын, ерли-зайыплылардан ҳәр бириниң ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлейди, бул болса ажырасыўда мүлклик келиспеўшиликлердиң келип шығыў қәўпин және улыўма, жас шаңарақлардың бузылыў итималын азайтады.
Пәрманда жаңадан дүзилген шаңарақлар социаллық реестрге киргизилген жағдайда шаңарақ ағзаларына олардың жумысын қоллап-қуўатлаў, раўажландырыў, дәраматын арттырыў ямаса қыйын жағдайдан шығарыў ушын усынылатуғын финанслық жәрдемлер нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарлардан 1,5 есе арттырылған ҳалда берилетуғыны белгиленди. Қалаберди, неке шәртнамасын дүзген некелениўшилерди некени дизимге алыў ушын белгиленген мәмлекетлик бажыдан азат етиў тәртиби қолланылады.
Бул илажлар жаңа шаңарақлардың беккемлигин кепиллеўши тийкарғы фактор - экономикалық еркинликти тәмийинлейди. Жас шаңарақтың экономикалық еркинлиги болса турақлылықты, келешекти режелестириў, сыртқы басымларсыз өз шаңарақлық қәдириятларын қәлиплестириў имканиятын береди. Ол қәрежетлер, балаларды оқытыў, қорлар ҳаққында еркин қарар қабыл етиўге жол ашады ҳәм финанслық саўатлылық, ата-аналардан ғәрезсизлик ҳәм ертеңги күнге исеним арқалы қатнасықларды беккемлеўге хызмет етеди.
Ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў системасын жетилистириў арқалы олардың санын кескин қысқартыў, сондай-ақ, бундай жағдайға ушыраған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў ҳүжжетте белгиленген және бир әҳмийетли мақсет. Бул бағдарда пәрманда оғада анық, усы ўақытқа шекем мисли көрилмеген илажлар белгиленген.
Атап айтқанда, нызамшылыққа өзгерис киргизиў арқалы 2026-жыл 1-ноябрьден баслап белгили тәртиплерди белгилеў нәзерде тутылған. Оған бола, намысқа тийиў, жынысый зәрүрликти зорлық пенен тәбийғый емес усылда қанаатландырыў ҳәм усы сыяқлы бир қатар статьяларда нәзерде тутылған жынаятлар бойынша тергеўге шекем тексериў ҳәм дәслепки тергеўди тек ғана прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленди.
Бул илаж жәбирлениўшилердиң ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў ҳәм тергеўдиң сапасын арттырыўға қаратылған. Себеби прокуратура қадағалаў уйымы сыпатында басқа ҳуқық қорғаў структуралары менен байланыспаған, бул болса жынаятларды жасырыў ямаса ис қозғатыўды тийкарсыз түрде бийкарлаў итималын азайтады. Қалаберди, тергеўдиң бир уйымда топланыўы ең дәслепки басқышларда-ақ процессуаллық нормаларға әмел етилиўи үстинен прокурор қадағалаўын әпиўайыластырады.
Пәрман менен жас өспиримге жынайый мәжбүрлеў бойынша исленген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ис ҳүжжетлерин қылмыста жынаят белгилери жоқ екенлиги ҳаққында прокурор тәрепинен қарар қабыл етилгеннен кейин судқа жибериў тәртиби де киргизилмекте. Жас өспиримге байланыслы жеке қуўдалаўға байланыслы материалларды жынаят белгилери болмаса да судқа жибериў тәртибиниң енгизилиўи "ҳуқықый бослық"ты сапластырыў ҳәм жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылған. Онда егер ҳуқықбузардың ҳәрекетлери жынайый қылмыс дәрежесине жетпесе де ол қыйнаўшы ҳәрекетлери ушын кеминде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылыўы тәмийинленеди. Қалаберди, прокурор жынаят исин қозғатыўды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл еткенде, ҳәрекетти өзи қайта квалификациялаўы ҳәм материалларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ушын судқа жибериўи шәрт болады. Бул болса жәбирлениўшилерди қайтадан басқа уйымларға арза бериўден азат етеди.
Ҳуқықбузарлық болған ямаса болмағаны ҳаққындағы қарарды тек ғана тергеў уйымлары емес, ал суд қабыл етеди, бул болса балаларға қарата исленген ҳәрекетлерди баҳалаўдың қалыслығын арттырады. Басланғыш басқышларда қуўдалаў ушын ҳәкимшилик жазаның бар екенлиги болса келешекте аўыр жынаятлардың ислениўине тосқынлық етеди. Пәрманда белгиленген бул механизм ержетпеген шахсқа жынысый қол қатылмаслық ямаса әдеп-икрамлылық нормаларының ҳәр қандай бузылыўы ҳуқықый баҳаланыўын ҳәм жазаларға алып келиўин кепиллейди.
Улыўма, шаңарақтағы зорлықтың ҳәкимшилик дәрежеден жынайый дәрежеге өткерилиўи ҳуқықбузарларды көбинесе шаңарақ бюджетине түсетуғын жәрийма менен қутылыў имканиятынан айырады. Белгиленген санкциялар зорлық-зомбылық енди "шаңарақтың ишки иси" емес екенлиги ҳаққында жәмийет санасында анық түсиник пайда етеди.
Пәрманда белгиленген және бир әҳмийетли тәрепи Әдиллик министрлиги ҳәм бир қатар уйымлар менен биргеликте ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы сырт ел әмелиятын үйренген ҳалда ҳаял-қызларды жынысы себепли қастан өлтириў (фемицид) ушын нызамшылықта жуўапкершилик белгилеў нәзерде тутылғанлығы болып есапланады. Сондай-ақ, шаңарақ ағзаларын қастан өлтириў (фамилицид), шахсты оның еркине қарсы түрде нызамсыз қуўдалаў (сталкинг), интернет ямаса социаллық тармақларда исленетуғын зорлық (кибер зорлық), жас өспиримлерден жынысый пайдаланыў ҳәм усы мақсетте интернет арқалы жас өспирим шахстың исенимине ерисиў (онлайн груминг) сыяқлы жынаятлар ушын жуўапкершилик белгиленеди. Бул ҳәдийселер зорлықтың аяўсыз көринислери болып, олар тек ғана қәўипли емес, ал шахс ҳәм жәмийет ушын қәўипли болып есапланады. Олардың ҳәр бири ең әззи ноқатқа - исеним, қәўипсизлик ҳәм улыўма, турмысқа соққы береди.
Усы жерде және статистикалық мағлыўматлар. Тек ғана 2023-жылы дүнья жүзи бойлап 85 мыңға шамалас ҳаял-қыз фемицид қурбанына айланды. Бундай жынаятлардың 60 процентке шекемги бөлеги жынысый шериклер ямаса шаңарақ ағзалары тәрепинен исленеди. Бунда фемицид жағдайынан алдын көбинесе узақ мүддет даўамында шаңарақтағы зорлық, қәўип-қәтер ҳәм қуўдалаў (сталкинг) дәўири бақланады, бул болса нызамшылық тийисли дәрежеде қатаң болған ҳәм зәрүр илажлар көрилген жағдайда аянышлы ҳәдийселердиң алдын алыў имканиятын береди. Сонлықтан, пәрман менен нызамшылыққа киргизилетуғын өзгерислер оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Әлбетте, ҳаяллар ҳәм балаларсыз инсан өмирин көз алдымызға келтирип болмайды. Оларға қарата зорлық, ҳуқықларды бузыў раўажланыўға қарсы наразылық билдириў, тарийхтың барысын төменлетиў, заман талапларын түсинбеў деген сөз. Усы жағынан алып қарағанда пәрман ең әҳмийетли қәдирият - өмир қәўипсизлигин ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Малика ҚОДИРХАНОВА,
Олий Мажлис Сенаты ағзасы