Қорғалатуғын үш тәбийий аймақлар майданы кеңейтилди

    13 наурыз 2025 826

    Экология министрлиги жанындағы Қорғалатуғын тәбийий аймақлар департаментине қараслы "Нурата" ҳәм "Сурхан" мәмлекетлик қорықханалары және "Зарафшан" миллий тәбият бағының аймағы кеңейтилди.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 10-мартта қабыл етилген "Мәмлекетлик қорықханалар ҳәм миллий тәбият бағы аймақларын кеңейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы 153-санлы қарарында белгилеп қойылды.

    Қарарға бола, "Нурата" мәмлекетлик қорықханасының аймағы Фориш районындағы резерв жерлерден 1173,1 гектар, Фориш мәмлекетлик тоғай хожалығының 270 гектар, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң Самарқанд ўәлаяты Қўшработ районы Пангат аймағындағы 1657,41 гектар ҳәм Паяриқ районының Халқабад аймағындағы 1165,46 гектар жер майданлары есабынан 4265,97 гектарға кеңейтилип, улыўма жер майданы 22 017,97 гектарға жеткерилди.

    Сондай-ақ, "Зарафшан" миллий тәбият бағы аймағы Булунғур районындағы резерв жерлерден 275,58 гектар ҳәм Жамбай мәмлекетлик тоғай хожалығының 42,34 гектар, Ургут қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығының 278,78 гектар, Тайлақ районындағы Дарғом мәмлекетлик тоғай өндирислик кәрханасының 262,1 гектар, Тайлақ районындағы резерв жерлерден 1808,79 гектар ҳәм Жамбай районындағы резерв жерлерден 140,02 гектар жер майданлары есабынан 2 807,61 гектарға кеңейтилип, улыўма жер майданы 5 234,01 гектарға жеткерилди.

    Буннан тысқары, Сурхандәрья ўәлаяты Шерабад районындағы Қизириқ мәмлекетлик тоғай хожалығының 249 гектар жер майданлары есабынан "Сурхон" мәмлекетлик қорықханасының аймағы кеңейтилип, улыўма жер майданы 24 051 гектарға жеткерилди.

    Буннан тысқары, "Нурата" ҳәм "Сурхан" мәмлекетлик қорықханаларының тийкарғы майданына тутасқан 17 145,2 гектар ҳәм 16 446 гектар жер майданлары қорықланатуғын зоналар етип белгиленди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates