Изертлеўлер Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен қаржыландырылып атырған "Райхан, астрагал ҳәм түрлес өсимликлер экстрактлары тийкарында фитокомплекслер жаратыў" атамасындағы әмелий жойбар шеңберинде әмелге асырылмақта. Жойбардың баҳасы 1 млрд 409 млн 357 мың сум, әмелге асырыў мүддети 2025-2027-жыллар.

Жойбардың басшысы - Өсимлик элементлери химиясы институты Физикалық изертлеў методлары лабораториясының жетекши илимий хызметкери, биология илимлериниң докторы Дания Асылбекова.

Изертлеўлер шеңберинде қәнигелер тәрепинен Өзбекстанда өсетуғын ҳәм жетистирилетуғын райхан, таў райханы, кийикот, арысланқулақ сортлары ҳәм астрағалдың түрли түрлери үйренилмекте. Өсимлик шийки заты қурамындағы эфир майлары ҳәм басқа да биологиялық актив бирикпелер заманагөй лабораториялық усылларда изертленбекте.

Дәслепки изертлеўлердиң нәтийжелери бойынша илимпазлар келешекте фитокомплекс жаратыў ушын жергиликли өсимлик шийки затының ең перспективалы түрлерин таңлап алды. Сондай-ақ, антиоксидант ҳәм антигипоксант активлик көрсеткен экстрактлардың технологиялық үлгилери алынды.

Антиоксидантлық қәсийетлери затлардың оксидлениў процеслерине, сондай-ақ, клеткаларды зыянлаўы мүмкин болған еркин радикаллар тәсирине қарсылық көрсетиў қәбилети менен байланыслы. Антигипоксик активлик затлардың кислород жетиспеўшилиги шараятында клеткалар тиришилигин сақлап турыў қәбилетин характерлейди.

Ҳәзирги ўақытта изертлеў жумыслары даўам етпекте. Илимпазлар актив экстрактлардың қурамын анықлайды, қәсийетлерин үйренеди ҳәм алынған нәтийжелерди тастыйықлаў ушын қосымша изертлеўлер алып барады.

Жойбар жуўмақланғаннан соң, жергиликли өсимлик шийки заты тийкарында биологиялық актив бирикпелер комплексин өз ишине алған фитокомплекс жаратыў режелестирилген.

Жойбарда Өзбекстанда өсетуғын ҳәм жетистирилетуғын өсимликлерден пайдаланыўға айрықша итибар қаратылған. Келешекте изертлеў нәтийжелери азық-аўқат ҳәм косметика санааты ушын жергиликли өсимлик шийки затлары тийкарында өнимлер ислеп шығарыўда илимий-технологиялық тийкар болып хызмет етиўи мүмкин.

Ҳәзирги күнге шекем жойбар шеңберинде 2 мақала сырт ел ҳәм жергиликли илимий журналларда, 2 мақала халықаралық конференция материаллары топламларында, 1 мақала республикалық конференция материалларында жәрияланған, сондай-ақ, 3 тезис басып шығарылған.