Атап өтилгениндей, нызам менен бир қатар нызамларға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, "Тәбиятты қорғаў ҳаққында"ғы нызамда қоршаған орталыққа тәсир етиўдиң I ҳәм II категорияларына тийисли жумыс пенен шуғылланыўшы юридикалық тәреплер патасландырыўшы дәреклерде орнатылатуғын автомат мониторинг станцияларының мағлыўматларын қоршаған орталықты мониторинг етиў мәмлекетлик системасының бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына реал ўақыт режиминде киргизип барыўы шәрт екенлиги белгиленбекте.
Бул талапты орынламағаны, толық орынламағаны ямаса исенимсиз мағлыўмат бергенлиги ушын жәрийма сыяқлы финанслық санкция қолланылыўы нәзерде тутылмақта.
"Шығындылар ҳаққында"ғы нызамда пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен белгиленбеген орынға тасланған шығындыларды алып шығыў ямаса тийисли қәрежетлерди қаплаў нәзерде тутылған.
"Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамда мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын тереклер ҳәм путаларды көшириўге руқсат бериў тәртибин енгизиў менен байланыслы норма беккемленбекте.
Сенаторлар "Халықты шаўқымның зыянлы тәсиринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамды да дәслепки тәризде додалады. Халықтың денсаўлығы ҳәм абаданлығына, олардың нормаль дем алыўына унамсыз тәсир көрсететуғын зыянлы шаўқымларға қарсы гүресиў мәселелерин комплексли тәртипке салатуғын бирден-бир ҳуқықый ҳүжжет жоқ екенлиги атап өтилди.
Усы Нызам менен халықты шаўқымның зыянлы тәсиринен қорғаўдың тийкарғы принциплери белгиленбекте, шаўқым тәсириниң нормальары, пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормаль дем алыўын бузатуғын ҳәрекетлер, сондай-ақ олардың бузылыўына жол қойылмайтуғын ўақыт аралығы, шаўқымның қоршап турған тәбийғый орталыққа зыянлы тәсири ушын компенсация төлемлери беккемленбекте.
Мәжилис жуўмақлары бойынша көрип шығылған мәселелер бойынша Комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.