Ушырасыўда IT Park Uzbekistanның мәмлекеттиң санлы экосистемасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған басламалары менен таныстырыў өткерилди. Министр реформалар, режелер ҳәм ерисилген нәтийжелер ҳаққында айтып, UZSOC ҳәм UZINFOCOM Бирден-бир интеграциясының жумысы менен таныстырды.
Өзбекстанда салық жеңилликлерине ийе жаңа жойбарлар ушын қолайлы инвестициялық орталық жаратылғаны атап өтилди. Халықтың жылына 1 миллионнан аслам адамға өсип баратырғаны IТ-билимлендириўди раўажландырыў ҳәм маман қәнигелер таярлаўды стратегиялық тийкарғы бағдарға айландырмақта.
Пандемия нәтийжесинде жаңа экономикалық имканиятлар ашылған глобал көлемде аралықтан ислесиў ҳәм автоматластырыўға өтиўге айрықша итибар қаратылды. Халықтың көп тиллилиги (инглис, рус, араб, немис, корейс, япон) халықаралық дәрежедеги хызметлерди көрсетиўде бәсекиге шыдамлы үстинликке айланды.
IТ-хызметлер, дата-орайлар, логистика системалары, аралықтан хызметлер ҳәм мобил платформалар сыяқлы бирге ислесиў бағдарлары додаланды. Өзбекстанда дата-орайларды қурыў бойынша ири жойбарлар әмелге асырылмақта, мағлыўматлар алмасыў бойынша халықаралық бирге ислесиў кеңеймекте.
Сондай-ақ, тәреплер стартап экосистемасын раўажландырыў, инвесторлар ушын тартымлы шараятлар жаратыў ҳәм Өзбекстанның халықаралық инновациялық хаб сыпатындағы ролин беккемлеў мәселелерин додалады.
Ушырасыў жуўмағында Шерзод Шерматов ҳәм Эрик Адамс биргеликтеги жойбарларды сынақтан өткериў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин тастыйықлады.