Сингапур экваториал аймақта жайласқанына ҳәм оның әтирапында мийўе-овош, палыз өнимлерин жетистириўши ири мәмлекетлер бар екенине қарамастан, өзбек қаўынлары тәбийий мазалылығы ҳәм аңқыған жағымлы ийиси менен жергиликли тутыныўшылардың итибарын өзине тартыўға еристи. Бул олардың дүньяның ең талапшаң базарларынан биринде бәсекиге шыдамлы екенин тастыйықлады, деп жазады "Дунё" МА.
Сапасы ҳәм қәўипсизлигиниң жоқары стандартлары менен ажыралып туратуғын Сингапур базарына кириў «Made in Uzbekistan» маркировкасы астындағы өнимлер имиджин беккемлеў ҳәм миллий аграр брендлерди алға қойыўға хызмет етеди.
Бул экспорт табысы узақ мүддетли бирге ислесиў, жеткерип бериў көлемин арттырыў, Қубла-Шығыс Азия базарларында қатнасыўды кеңейтиў, сондай-ақ, Өзбекстанның мийўе-овош өнимлериниң басқа да түрлерин халықаралық базарға алып шығыў ушын жаңа перспективалар ашпақта.



