Сингапурдың жетекши туроператорларынан бири - "Chan Brothers Travel" компаниясы усы жылдың декабрь айында Сингапурдан Өзбекстанға тиккелей чартер рейслер жәрдеминде мәмлекетимизге жүзлеген туристлерди алып келиўди режелестирмекте.
Өзбекстанға тоғыз күнлик саяхат шеңберинде Сингапур ҳәм Азия-Тыныш океаны регионындағы басқа да мәмлекетлерден келген туристлер Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы ески қалаларға барып, елимиздиң тарийхы ҳәм мәденияты, сулыў тәбияты ҳәм бийтәкирар архитектуралық естеликлери, сондай-ақ, халқымыздың үрп-әдетлери, миллий тағамлары менен танысады.
Чартер пәрўазларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде "Chan Brothers Travel" Өзбекстанға бағышланған арнаўлы маркетинг кампаниясын жолға қойыў, Сингапурда өткерилетуғын туристлик көргизбелерде Өзбекстанның туризм потенциалына бағышланған илажларды шөлкемлестириў, Сингапурдың қытай ҳәм малай тиллериндеги ғалабалық радиостанцияларының белгили баслаўшыларын саяхатшылар менен бирге Өзбекстанға жибериўди режелестирмекте.
Бул баслама Сингапурдан Өзбекстанға туристлер ағымын арттырыўға хызмет етеди ҳәм еки мәмлекет арасындағы туризм тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығады.


