Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар аграр тараўдағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылды. Тәреплер аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық өнимлери саўдасын кеңейтиў, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын жолға қойыў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады. Буннан тысқары, бизнес ўәкиллери билдирген усыныслар да көрип шығылды.

Әндижан ўәлаяты ҳәкими Шуҳратбек Абдураҳмонов бир қатар әмелий басламалар менен шықты.

қуслардың нәсилли мәйеклерин, туқымларды ҳәм киши көлемли аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериў;

Әндижан ўәлаяты тәжирийбеси тийкарында аўғанстанлы қәнигелерди оқытыў;

шарўашылық ҳәм гөш өнимлери импортын раўажландырыў.

Аўғанстан тәрепи бул басламаларды қоллап-қуўатлап, өз гезегинде төмендеги усынысларды билдирди:

қоспа шарўашылық фермаларын шөлкемлестириў, кейин ала жетистирилген өнимди Өзбекстанға экспорт етиў;

Әндижан ўәлаятынан қусшылық өнимлери ҳәм мәйек жеткерип бериўди жолға қойыў;

Әндижанда ислеп шығарылған тракторларды Аўғанстанға алып кириў.

Сондай-ақ, ушырасыўда аўған исбилерменлери ушын экспорт-транзит жолларын ашыў мәселеси де көтерилди. Тәреплер бул бағдарды толығырақ ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар көриўге келисип алды.