Өзбекстан ҳәм Аўғанстан саўда-экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықпақта

    Бизнес 14 қазан 2025 449

    Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Ваҳобов Аўғанстан саўда ҳәм инвестициялар палатасының (ACCI) орынбасары Арян Азими басшылығындағы делегация менен ушырасты.

    Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, жеке меншик сектор ўәкиллери арасындағы байланысларды беккемлеў, өз-ара инвестицияларды хошаметлеў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў шеңберинде төмендеги басламалар алға қойылды:

    Ташкент, Қабул, Термиз ҳәм Балхта ҳәр шеректе В2В ушырасыўларын өткериў;

    инвестициялық байланысларды күшейтиў ушын Ташкент қаласында ACCI ўәкилханасын ашыў;

    аўған исбилерменлери ушын бизнес-визалар ҳәм мирәтнамалар алыў тәртибин әпиўайыластырыў;

    Термиз порты арқалы жүк тасыўды жеделлестириў ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын оптималластырыў;

    ҳәр жылы Қабул ҳәм Ташкентте (ямаса Мазари-Шариф ҳәм Термизде) биргеликте саўда көргизбелерин өткериў.

    Тәреплер бул басламалардың әмелге асырылыўы еки тәреплеме саўда көлемин арттырыў, жаңа инвестициялық жойбарларды иске қосыў ҳәм жеке меншик сектор бирге ислесиўин жеделлестириў имканиятын беретуғынын атап өтти.

    Даврон Ваҳобов сөзиниң жуўмағында Аўғанстан делегациясының сапары Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқышты баслап беретуғын әҳмийетли қәдем екенин атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates