Өзбекстан ҳәм Австрия санаат ҳәм технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды

    Бизнес 29 қараша 2025 298

    28-ноябрь күни Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм технологиялар министрлигиниң басшысы Лазиз Қудратов Австрия қаржы министриниң орынбасары Андреас Райхардт пенен ушырасты.

    Тәреплер Өзбекстан-Австрия қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын атап өтип, санаат, энергетика, инфраструктура ҳәм технологиялар тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден өз-ара мәпдар екенин билдирди. Австрия исбилермен топарлары Өзбекстандағы жумысын жедел кеңейтип, бир қатар перспективалы жойбарларда қатнасып атырғаны атап өтилди.

    Ушырасыўда еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириў жоллары, биргеликтеги басламаларды алға қойыў, сондай-ақ, түрли тараўларда кооперация ушын жаңа имканиятлар додаланды. Австрия делегациясының сөйлесиўлери тийкарғы бағдарлардағы бирге ислесиў перспективаларын ҳәр тәреплеме додалаў имканиятын бергени атап өтилди.

    Буннан тысқары, мәмлекетлеримиз арасындағы әмелий бирге ислесиўдиң раўажланыўына қосымша пәт бағышлаўға қаратылған болажақ еки тәреплеме илажларға, соның ишинде, Вена қаласындағы бизнес-форум ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисине таярлықтың шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates